Бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў, бажыхана уйымларының потенциалын беккемлеў ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бойынша әмелий бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.

Шөлкемниң жәрдеминде Өзбекстан саўданы әпиўайыластырыў тараўындағы бир қатар халықаралық конвенцияларға қосылғаны, бажыхана қадағалаўының заманагөй механизмлери енгизилгени, сондай-ақ, Бажыхана хызметин 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы ислеп шығылып, қабыл етилгени атап өтилди.

Өзбекстанда бажыхана тараўындағы кең көлемли реформалар нәтийжесинде бүгинги күнде экспорт жүклериниң 94 проценти ҳәм импорт жүклериниң 87 проценти әпиўайыластырылған тәртипте рәсмийлестирилмекте. Декларацияларды рәсмийлестириў ўақты 20 минутқа шекем қысқартылды.

Бажыхана уйымларының бизнес пенен нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлейтуғын санлы шешимлер жедел енгизилмекте, ҳәкимшилик рәсмийлестириўлер азайтылып, коррупциялық қәўип-қәтерлер азайтылады.

Ушырасыўда бажыхана тәртип-қағыйдаларын және де санластырыў ҳәм үйлестириў, нормативлик-ҳуқықый базаны жетилистириў, кадрларды оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Бул ўазыйпалар Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўға таярлық көриў шеңберинде оғада әҳмийетли екени атап өтилди.

Ушырасыў жуўмағында бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў бойынша анық илажларды нәзерде тутатуғын "жол картасы"н биргеликте ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.