Мәмлекетимизде жаңа санаат кәрханаларын иске қосыў менен бирге, олар ушын
маман қәнигелер таярлаўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Бунда билимлендириўдиң
өндирис пенен тығыз интеграциясы әҳмийетли орын иелейди.
Әне, усы мақсетте "Әндижан-Хуаня" халықаралық техникумы
шөлкемлестирилди. Бул жерде "Жипек жолы" санаат зонасы аймағында
жайласқан тоқымашылық, машина қурылысы, электротехника ҳәм басқа да жоқары
технологиялық кәрханалар ушын талап жоқары болған қәнигеликлер бойынша кадрлар
таярланады.
Толық сырт ел
инвестициялары есабынан әмелге асырылған жойбардың улыўма баҳасы 15 миллион
долларды қурайды. Оның есабынан 150 жаңа жумыс орны жаратылды.
Төрт гектар
майданда 5 мың оқыўшыға мөлшерленген заманагөй оқыў имараты қурылды. Жойбардың
кейинги басқышында бул жерде студентлер турақ жайы ҳәм лаборатория имаратын
қурыў, спорт майданшасы, асхана ҳәм жасыл аймақ шөлкемлестириў режелестирилген.
Техникумда дуал
билимлендириў системасы енгизилген. Оқыўшылар техникумда теориялық билим алады,
әмелият болса санаат зонасының ири кәрханаларында өтеди. Солай етип, оқыў процесинде-ақ
олар өндирис процесслери, заманагөй үскенелер ҳәм технологиялар менен тиккелей
танысады.
Техникум усы
жылдың июнь айында жумыс баслады. Ҳәзирги ўақытта бул жерде 210 оқыўшы билим
алмақта. 2030-жылға шекем жыллық қабыллаўды 1 мың 800 ге, оқыўшылардың улыўма
санын 4 мыңға жеткериў режелестирилген. Сондай-ақ, билимлендириў бағдарларының
саны 20 ға жеткериледи.
Президентимиз
техникумда жаратылған шараятларды көзден өткерди, жаслар ҳәм инвестор менен
сәўбетлести.