Ушырасыў алдынан америкалы нызам шығарыўшылар Өзбекстан Президентин ҳәм халқын мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығы менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан менен АҚШ арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў ҳәм парламентлераралық бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Еки тәреплеме қатнасықлардың унамлы пәти, сиясий сөйлесиўдиң жоқары дәрежеси, сөйлесиўлер ҳәм өз-ара сапар етиўлердиң жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақында болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде еки мәмлекет жетекшилери стратегиялық шерикликти және де кеңейтиўдиң тийкарғы бағдарларын белгилеп алды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Усы жылдың басынан өз-ара саўда көлеми 20 процентке артты. Энергетика, әҳмийетли минераллар, транспорт, аўыл хожалығы, санлы технологиялар ҳәм санаат тараўларында ири жойбарларды баслаў ҳәм әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын үш жыллық Экономикалық бирге ислесиў бағдарламасы избе-из әмелге асырылмақта.

Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды қоллап-қуўатлаўда, сондай-ақ, еки мәмлекет арасындағы конструктивлик ҳәм өз-ара пайдалы сөйлесиўди алға қойыўда АҚШ Конгрессиниң әҳмийетли орны атап өтилди.

Аймақлараралық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Америка делегациясы ағзалары ўәкиллик етип атырған Миссури, Арқа Каролина, Техас ҳәм Гавайи штатлары менен тиккелей байланысларды буннан былай да раўажландырыў ҳәм қоспа жойбарларды әмелге асырыўға таярлық билдирилди.

Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Ушырасыў жуўмағында исбилерменлик миссияларының өз-ара сапарларын шөлкемлестириўге келисип алынды.