Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 28-марттағы аймақларда микро гидроэлектр станциялар тармағын раўажландырыўға қаратылған қарары жойбарды әмелге асырыўға әҳмийетли тийкар болды. Оның шеңберинде "Әндижан Жинлун жаңа энергия" кәрханасы шөлкемлестирилмекте.

Үлкен таўлы аймақлар ҳәм суў ресурсларына ийе Орайлық Азия мәмлекетлери ушын бундай үскенелер айрықша зәрүр. Бирақ ўәлаятта елеге шекем оны санаат көлеминде ислеп шығара алатуғын қәнигелескен кәрханалар жетиспейди. Жаңа жойбар усы талапты тәмийинлеўге қаратылған.

Әндижан ўәлаятының суў ресурсларына бай екенлиги жасыл энергетиканы раўажландырыў ушын кең имканиятлар ашпақта. Атап айтқанда, Үлкен Ферғана каналының турақлы ағысы микро ҳәм киши ГЭСлер қурыў ушын қолайлы есапланады.

Толық сырт ел инвестициясы есабынан әмелге асырылатуғын жойбардың улыўма баҳасы 20 миллион долларды қурайды. Кәрхана 2027-жылы толық қуўатлылық пенен ислейди. Буннан кейин бул жерде жылына улыўма баҳасы 70 миллиард сумлық 100 киши ГЭС комплекси, микро-гидроэнергетика үскенелери, станоклар ҳәм электротехника өнимлери ислеп шығарылады.

Дүньяда экологиялық таза ҳәм қайта тиклениўши энергияға болған талап артып атырған бир шараятта нәтийжели шешимлерден бири болған киши ҳәм микро ГЭСлерге талап артып бармақта. Олардың абзаллықлары - қоршаған орталыққа тәсири аз, қурылыс мүддети қысқа, электр энергиясы турақлы ислеп шығарылады.

Жойбар шеңберинде 200 жаңа жумыс орны жаратылады. Кәрхана өнимлерин Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстанға экспорт етиў, жыллық жеткерип бериў көлемин 3 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

Буннан тысқары, кәрхана тәрепинен Әндижан ўәлаятында бир қатар микро ГЭСлер қурыў режелестирилген. Бул халық ҳәм санаат кәрханаларын арзан, екологиялық таза ҳәм турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди.