Елимизде аўыл хожалығын раўажландырыў, тараўға алдынғы технологияларды
енгизиў, илимий қолланба ҳәм көзқарасларды өндириске қолланыўға айрықша итибар
қаратылмақта.
Мәмлекетимиз басшысының 2025-жыл 9-декабрьдеги пахта ҳәм ғәлле
жетистириўде өнимдарлықты арттырыўға қаратылған қарары бул бағдардағы
жумысларды кеңейтиўде әҳмийетли ҳуқықый тийкар болды.
Пахташылықта синьцзян усылының қолланылыўы тек ғана зүрәәтлиликти
сезилерли дәрежеде арттырыў емес, ал суў, төгин ҳәм басқа ресурсларды үнемлеў,
сондай-ақ, ғаўашаны тәрбиялаў қәрежетлерин азайтыў имканиятын береди.
"Агрокластер Алтынкөл" кәрханасының улыўма егислик майданы 850
гектар. 23 гектарда Синьцзян усылы тийкарында пахта жетистирилмекте.
Синьцзян
технологиясын қолланыўда шигит плёнка астына еки қатар етип егиледи. Бул болса
топырақтың ығаллығын ҳәм температурасын турақлы сақлаў, туқымның ерте ҳәм бир
тегис өниўин тәмийинлеў имканиятын береди.
Тамшылатып
суўғарыў ҳәм азықландырыў системалары нәтийжесинде суў ҳәм төгинлер тиккелей
ғаўашаның тамырына жетип барады. Нәтийжеде ресурслардың артықша жумсалыўы
қысқарып, суўдың үнемлениўи 40 процентке, төгинлер дерлик 30 процентке
жетпекте.
Дәстүрий усылда
бир гектардан орташа 30-35 центнер пахта алынса, Синьцзян технологиясы
тийкарында бул көрсеткиш 60-70 центнерге жетеди. Пленка астында қолайлы
микроклимат жаратылғаны себепли өнимди дәстүрий атызларға салыстырғанда 10-15
күнге ертерек жыйнап алыў мүмкин.
Кәрханада
агротехникалық жумыслардың тийкарғы бөлеги агродронлар жәрдеминде әмелге
асырылады. Бул арнаўлы техникалардан пайдаланыў ҳәм жанылғы жумсалыўын кескин
азайтыў имканиятын береди.
Мәмлекетимиз
басшысына жойбарды әмелге асырыў нәтийжелери, оның экономикалық нәтийжелилиги
ҳәм бул технологияны қолланыўды және де кеңейтиў режелери ҳаққында мағлыўмат
берилди.