Илаж шеңберинде парламентлераралық комиссияның мәжилиси, жергиликли ўәкилликли уйымлар ҳәм жаслар парламентлери арасында ушырасыўлар, Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының төртинши бизнес-форумы шөлкемлестириледи.

Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Беларусь Миллий мәжилиси Республика Кеңеси арасындағы парламентлераралық бирге ислесиў комиссиясының үшинши мәжилисинде парламентлераралық бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары ҳәм келешектеги ўазыйпалар додаланады.

Өзбекстан - Беларусь парламентлераралық форумының жалпы мәжилисинде еки мәмлекет парламентлери палаталарының басшылары, ҳүкимет, министрликлер ҳәм уйымлар, жоқары билимлендириў мәкемелери ҳәм бизнес ўәкиллери қатнасады.

Жалпы мәжилисте тийкарғы итибар халықтың бәнтлиги ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў, жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар, социаллық қорғаў, ана ҳәм бала саламатлығы, исбилерменлик субъектлериниң бирге ислесиўи мәселелерине қаратылады.

Өзбекстан ҳәм Беларусь исбилермен ҳаял-қызларының төртинши бизнес-форумы шеңберинде өткерилетуғын 4 тийкарғы секция мәжилисинде санаат кооперациясы, биргеликтеги инвестициялар, мийнет потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, агросанаат комплексиндеги бирге ислесиў, азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм биотехнологиялар, гуманитарлық ҳәм социаллық тараўлардағы шериклик, туризм тараўында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланады.

Форумның жуўмақлары бойынша Хийўа декларациясын қабыл етиў, коммерциялық шәртнамалар ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлерге (меморандумларға) қол қойыў ҳәм алмасыў нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, «Made in Uzbekistan» ҳәм «Made in Belarus» брендлери астында Өзбекстан ҳәм Беларусь миллий өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестириледи.