Өнимлердиң дүнья базары талапларына жуўап бериўи әҳмийетли

    Бизнес 13 желтоқсан 2024 22

    Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында “Training of Trainers” (ТоТ) халықаралық жойбары шеңберинде тоқымашылық тараўында экспортты қоллап-қуўатлаў бағдарында семинар ушырасыўы болып өтти.

    Басқарманың Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раӯажландырыӯ бөлими ҳәм Германияның Gesamtmasche ассоциациясы менен биргеликте шөлкемлестирилген “Улыўмаластырылған жеңилликлер системасы (GSP+) имканиятларынан пайдаланған ҳалда Европа Аўқамының токымашылық базарына кириўдиң тийкарғы дәреклери” атамасында өткерилген бул илажда 30 дан аслам текстиль тараўында жумыс алып барыўшы исбилермен ҳаял-қызлар қатнасты.

    Семинарды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – республикамызда тоқымашылық ҳәм текстиль тараўын буннан былай да раўажландырыў, бул бағдарда өндирислик қуўатлылықты арттырыў ҳәм елимизде ислеп шығарылған текстиль өнимлерин дүнья базарына танытыўдан ибарат.

    Илажда қатнасыўшы исбилерменлер текстиль кәрханаларында таярланған өнимлерге қарыйдар табыў, Европа базарларына экспорт етиў, бул бағдарда қойылатуғын талаплар ҳәм жаратылып атырған қолайлықлар бойынша толық мағлыўматларға ийе болды.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates