баннер
23 Mar 2025
04:19

    Нәллер терекке, киши бизнес брендке айланады

    Ерте бәҳәрде өнип шыққан туқым ямаса егилген нәл дәслеп жүдә нәзик ҳәм әззи болады. Егер ол жақсы күтилсе, ғамхорлық көрсетилсе, күни келип зүрәәтли егиске, саўлатлы терекке айланады ҳәм мол зүрәәт береди. Болмаса қуўрап-ширип, набыт болыўы ҳеш гәп емес.

    Исбилерменликтиң киши ҳәм орта бизнес тараўы да тап сондай. Егер енди жумыс баслап атырған исбилермен мәмлекет тәрепинен керекли шараят жаратылып, түрли жеңилликлер менен қоллап-қуўатланса, үлкен компания, брендке айланғанда мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўына салмақлы үлес қосады. Сонлықтан, соңғы жыллары Өзбекстанда бундай исбилерменлердиң жумысын кеңейтиў ушын қолайлы шараят жаратыў бойынша системалы жумыслар исленбекте. Буны күни кеше Президентимиздиң киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыўында айтылған пикирлер де тастыйықлайды.

    Бул ушырасыўдың бәҳәрде, Наўрыз байрамы алдында болғанында терең мәни бардай, нәзеримде. Себеби, нәллер сыяқлы исбилерменликте енди ғана өз потенциалын көрсете баслаған киши ҳәм орта бизнес тараўының ўәкиллери ушырасыўдан үлкен күш ҳәм руўх алды. Президентимиз алға қойған басламалар, келешекте олар ушын енгизилетуғын жаңа жеңиллик ҳәм имканиятлар ҳаққындағы сөзлери байрам саўғасындай унады.

    Жаңа жеңиллетилген кредиттен пайдаланып

    100 адамды жумыс пенен тәмийинлеймен

    Ноилахон ЭШОНХУЖАЕВА,

    Хожаабад районындағы жеке исбилермен:

    - 2022-жылы жаратылып атырған шараятлар, әсиресе, исбилермен ҳаял-қызлар турақлы қоллап-қуўатланып атырғанын еситип, исбилерменлик пенен шуғылланыўды мақсет еттим. Коммерциялық банктен 35 миллион сум жеңиллетилген кредит алып, шулық ислеп шығаратуғын бир станок пенен жумыс басладым.

    Дәслеп үй-руўзыгершилик, бала-шағадан тысқары шулық ислеп шығарыўды да еплей алатуғыныма исенбейтуғын едим. Үлкен пайда көрмесем де мәйли, деп тәўекел иске кирискен едим. Бирақ, жеңиллетилген кредит ҳәм исбилерменлерге жаратып берилген имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, 2024-жылы, яғный тек ғана еки жылда бир станогымды 6 ға жеткердим. Жумысым кеңейди.

    Өнимим тек жергиликли емес, сырт ел базарларында да сатылмақта. Өзиме исенимим артып, бизнес жойбарымды және де кеңейтиў бағдарындағы жаңа жойбарлар ҳаққында бас қатыра басладым.

    Күни кеше мәмлекетимиз басшысының киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыўында қатнастым. Онда биз, исбилерменлерге берилип атырған жаңадан-жаңа имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында еситип, күш-ғайратыма күш қосылды. Әсиресе, Президентимиз ҳаял исбилерменлерге кредит ставкасы басқаларға салыстырғанда 2 процент арзан болатуғынын айтқанда, мине, бизнесимди кеңейтиўим ушын үлкен имканият, деп иш-ишимнен қуўандым. Мәмлекетимиз басшысына жумысым ҳаққында айтып берип, келешекте мине усы жеңилликтен ақылға уғрас пайдаланып, 100 адамның бәнтлигин тәмийинлеўге ўәде бердим.

    Мәмлекетимиз басшысының ушырасыўдағы ҳәр бир сөзи мени жаңа шеклерге ийтермеледи. Әсиресе, үй-руўзыгершилик ҳәм перзент тәрбиясынан артып, исбилерменлик пенен адамларды жумыслы, дәраматлы етип атырған ҳаял-қызларымызға қаншелли рахмет айтсақ арзыйды, деген сөзлери биз - ҳаял-қызлардың киши мийнетимизге жоқары баҳа сыпатында жүрегиме мөрленди. Президентимиздиң бизиң турмысымызды, ой-пикирлеримизди қаншелли терең түсинетуғынына ҳайран қалдым. Ушырасыўда үлкен тәсирлер, жаңа идея ҳәм пикирлер алып, жең түрип өз жумысымды даўам еттириўге үлкен шеклерди ийелеўге киристим.

    Ең әҳмийетлиси - жақсы бизнес идея, қаржы ҳәм орын

    Мустафо МИНГБОЕВ,

    Ташкент қаласындағы “MINGBOYEV ROBOTICS” кәрханасының басшысы:

    - Кәрханамыз жоқары технологиялы бионик протез (қол, аяқ), экзоскелет ислеп шығарады. Бионик протездиң әпиўайысынан айырмашылығы - ўазыйпа атқарады. Наўқас күнделикли жумыс искерлигин әмелге асыра алады. Бул өним мәмлекетимизде, атап айтқанда, Орайлық Азияда тек ғана бизиң кәрханамызда ислеп шығарылады. Майыплығы болған адамларға хызмет көрсеткенимиз ушын өзине тән қолайлықларға ийе имаратқа мүтәжлигимиз бар еди.

    Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысын жумысымыз бенен таныстырдым. Ол адам бизиң орын машқаласымызды унамлы шешип берди. Итибарлы тәрепи, Президентимиз тек ғана машқаламызды сапластырыў менен шекленбеди, ал жоқары технологиялы өним жарататуғын исбилерменлерге 10 мың квадрат метрге шекемги мәмлекетлик объектлер 5 жылға бийпул ижараға берилетуғын болды. Сондай-ақ, енди исбилерменлерди қызықтырып атырған жер-жай, имаратлар, биринши гезекте, аукционда сатыўға шығарылатуғыны белгиленди. Бул болса келешекте биз сыяқлы исбилерменлер бундай машқалаға дус келмеўине тийкар жаратады.

    Исбилерменге жумыс баслаў ушын жақсы бир бизнес идея, қаржы ҳәм орын керек. Президентимиз ушырасыўда сондай система ҳәм басламаларды алға қойды, исбилерменлерде бундай зәрүрликлер пайда болмайды.

    Ушырасыўда қаржысы жоқ инсанға жеңиллетилген кредитлер берилетуғыны, исбилерменлик етиў ушын имаратқа мүтәжлиги барлар орын менен тәмийинленетуғыны, ҳәттеки мәмлекет тәрепинен шөлкемлестирилетуғын жойбарлаў офислери адамларға жақсы бизнес жойбар дүзиўге жәрдем беретуғыны айтылды. Бир сөз бенен айтқанда, енди исбилерменлик пенен шуғылланбақшы болған инсанға күшли қәлеў ҳәм күш-ғайраттың өзи жеткиликли болады.

    Мәмлекетимиз басшысына кәрханамызды орайға айландырыў, онда тараўымыз бойынша кадрлар таярлаў хызметин, сондай-ақ, ислеп шығарып атырған өнимлеримизди буннан былай да көбейтиў, атап айтқанда, симульяциялық манекен таярлаўды жолға қоймақшы екенимизди билдирдим. Усы күнге шекем кеўли жарты 100 ге шамалас ўатанласымызға бахыт үлестирген болсақ, келешекте бул санды еселеп арттыратуғынымызды айттым. Мәмлекетимиз басшысы барлық пикир-усынысларымды қоллап-қуўатлады ҳәм керекли усынысларын берди.

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    Санжар ЭШМУРОДОВ

    жазып алды.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech