"Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында"ғы нызамға бола, жасқа байланыслы пенсия алыў ҳуқықына ер адамлар - 60 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 25 жыл болған жағдайда; ҳаяллар - 55 жасқа толғанда ҳәм жумыс стажы кеминде 20 жыл болған жағдайда ийе болады.
Жеңиллетилген шәртлерде пенсия алыў ҳуқықына урыс майыплары, балалықтан майыплығы болған перзентлердиң аналары, лилипутлар ҳәм иргежейлилер да ийе.
Яғный, улыўма белгиленген жасты 5 жылға қысқартқан ҳалда жеңиллетилген пенсия алыў ҳуқықына балалықтан майыплығы болған балалардың аналары оларды сегиз жасқа шекем тәрбиялаған болса - жумыс стажы кеминде 20 жыл болған жағдайда, егер ҳаял өгей ул ҳәм өгей қызды олар 8 жасқа толғанға шекем кеминде 5 жыл тәрбиялаған болса, пенсия тайынлаўда олар ҳақыйқый перзентлер менен теңдей есапқа алынады.
Демек, майыплығы болған перзентти 8 жасқа шекем тәрбиялаған болса ҳәм мийнет стажы кеминде 20 жыл болған жағдайда, жасқа байланыслы пенсияны 5 жылға қысқартылған ҳалда, яғный 50 жасқа толғанда алыў мүмкин.