Автомобиллерден бири адамлардың үстинен өтип кетти. Бул ҳаққында Noticias Caracol телеканалы хабар берди.

Оның мағлыўматларына қарағанда, "Монстр-трак"ты басқарыўшы ҳаял трюкти орынлаў ўақтында автомобилди басқарыўды жоғалтқан, нәтийжеде ол адамларға қарай жол алған ҳәм қоршаўларды бузған. Атап өтилиўинше, монстр-трак жақтыландырырў бағанасына урылып, қысқа тутасыў арқалы өртке себеп болған.

Кауки губернаторы Октавио Гусман қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына кеўил билдирди ҳәм мәмлекет Денсаўлықты сақлаў министрлиги арнаўлы хызметлер менен биргеликте жүзеге келген жағдайды шешиў ушын барлық илажларды ислейтуғынын билдирди, деп жазады tass.ru.