Ливан Президенти сарайында болып өткен мәресимде Джозеф Аун Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа оның мәмлекети менен қатнасықларды раўажландырыў ушын елшиси етип тайынланғаны мүнәсибети менен шын жүректен миннетдаршылық ҳәм сәлемин билдирди, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Президентимизге исеним жарлықларын тапсырыўдан алдын Өзбекстан елшиси Ливан сыртқы ислер министри Юсеф Раджджи менен ушырасты. Ушырасыў ўақтында Ливан министрине Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидовтың сәлеми жеткерилди. Сондай-ақ, мәмлекетимизде соңғы сегиз жылда әмелге асырылған реформалар, ерисилген нәтийжелер ҳаққында мағлыўмат берилди.

Еслетип өтемиз, Абдусалом Хатамов 2024-жыл 4-февраль күни Өзбекстан елшиси сыпатында Оман пайтахтына келген еди. Ол 2024-жыл март айында Оман Султаны Ҳайсам бин Тарек Аль Саидқа исеним жарлығын тапсырған еди.