Ең уллы, ең әзиз байрамымыз аўызбиршилигимиз, өз-ара мийрим-шәпәәтимизде, инсан қәдири улығланып атырған үлкеде биз - нураныйлардың кеўлинде, тилинде шүкиршилик болып сәўлеленбекте. Ең әҳмийетлиси, байрам салтанатларын тыныш ҳәм парахат орталықта белгилеп атырғанымыздың өзи үлкен бахыт.
Қутлы күнлерде барлық тараў ҳәм тармақлардағы артқа қайтпайтуғын реформаларымыз "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын" деген ийгиликли идея тийкарында әмелге асырылып атырғаны халқымыздың күннен-күнге абаданласып атырған турмысында өз көринисин таппақта. Ғәрезсизлигимизди беккемлеўдей ийгиликли ҳәрекетлерде елимиз нураныйлары айрықша күш-ғайрат пенен ҳәммеге өрнек болып атырғаны айрықша мақтаўға ылайық.
Ҳәзирги нураныйлар 9-10 жыл алдынғы ғарры-кемпирлерден кескин парық қылады. Бурын пенсия жасына жеткенлер өзин жәмийетлик турмысқа керексиз деп сезинген дәўирлер де болды. Сол ўақытта "Нураный" қоры ветеранларды социаллық қоллап-қуўатлаў менен ғана шуғылланған. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2016-жыл 28-декабрьдеги пәрманы жәрияланғаннан соң, кексе әўлад ўәкиллериниң жәмийетлик турмыстағы социаллық белсендилигин арттырыўға айрықша итибар қаратылды. Бул итибар ҳәм исеним нураныйларға оғада үлкен қуўаныш, күш-ғайрат ҳәм қанат бағышлады.
Бүгин олар жәмийетимиз турмысында белсенди ҳәм интакер болып табылады. Мәҳәлле ҳәм шаңарақлардың тынышлығы, аўызбиршилигин тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў және өсип киятырған жас әўладты билимли, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руўхында ўатансүйгиш инсанлар етип тәрбиялаўда мәмлекетимиз басшысының биз, нураныйларға билдирип атырған жоқары исенимин ақлаў мақсетинде бар күш ҳәм имканиятын, үлкен турмыслық тәжирийбесин жумсамақта.
Жәмийетимиздиң қайсы тараўына кирип бармаң, ол жерде, әлбетте, белсенди нураныйларды көресиз. Бири жаслардың қолынан услап, турмыста өз орнын табыўына жәрдем берип атырған болса, екиншиси мәҳәллелердеги қыйтақ жерлерде кәмбағал шаңарақлардың ағзаларына жер илимин, бағшылық, дийқаншылық сырларын үйретпекте. Басқа бири кәмбағал шаңарақлар ўәкиллериниң турмысын жақсылаў ушын мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшиси менен биргеликте ислеп атырған болса, және бири шаңарақлардағы тыныш емес орталықты саламатландырыўға урынбақта.
Көпшилик нураныйлар ҳәм апаларды болса бақша ҳәм мектеплерде, жоқары оқыў орынларында, мәҳәлле пуқаралар жыйынларында адамгершилик сабақларын өтип атырғанында ушыратасыз. Айырымлары ҳәр қыйлы шөлкемлер, өндирис кәрханалары, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, саўда орынларында жүрип, халқымыздың социаллық машқалаларын үйренбекте, жәмийетлик қадағалаўды жолға қоймақта. Адамлар менен сәўбетлесип, кемшиликлерди анықлап, сапластырыў бойынша жуўапкер шөлкемлерге усыныслар киргизбекте.
Бул ҳәрекетлерден бүгин белсенди нураныйлар шын мәнисинде жәмийеттиң қәлби, урып турған жүрегин сәўлелендириўши, жәмийетти пүткил бойы менен көрсетип турыўшы айнаға айланғаны түсиниледи.
Олардың арасында зыялы үгит-нәсиятлаўшылар, философлар, өндирисшилер, өнермент ҳәм исбилерменлер, дөретиўшилер ҳәм басқа да тараўларда жоқары маманлық ҳәм тәжирийбе арттырған инсанларды ушыратыў тәбийғый. Нураныйлардың барлығы өз потенциалы ҳәм имканиятынан келип шығып, реформалардың нәтийжелилигин тәмийинлеў, халқымыздың турмысын және де жақсылаўға ҳәрекет етпекте.
"Бир нураный - он жасқа жуўапкер", "Нураный - ҳәр бир шаңараққа жуўапкер" сыяқлы жойбарлар, "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасын әмелге асырыў, "Устаз ҳәм шәкирт", "Қос қартайыў бахыты", "Ғайратлы кекселер", "Саламатлыққа қарай 5000 қәдем", "Өз үйиңди өзиң сақла!", "Мениң мәҳәллем - жынаятшылықтан жырақ аймақ", "Шаңарағым - мениң бахтым", "Китапқумар шаңарақ", "Аталар шайханасы" сыяқлы темалардағы ағартыўшылық ҳәм спорт илажлары, "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" сүрени астында өтип атырған байрам салтанатларында нураныйлардың өз айтар сөзи, орны бар, әлбетте.
Мәҳәллелерде социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў жолында бирге ислесиўши шөлкемлер ҳәм "мәҳәлле жетилиги" менен биргеликте ҳәрекет етип атырған нураныйлардың белсендилиги себепли ажырасыў жағасына келип қалған келин-күйеўлер жарастырылмақта, шаңарақлар кәмбағаллықтан шығарылмақта. Айрықша итибар ҳәм жумыс ислеўге бейим жаслар машқалалы шаңарақлар дизиминен шығарылып, оқыўы ҳәм кәсип-өнер үйрениўине жәрдемлесилмекте. Сондай-ақ, денетәрбия ҳәм спорт илажлары арқалы кекселердиң саламатлығы және де беккемленбекте.
Мәмлекетимиз көрсетип атырған ҳүрмет ҳәм итибар ата ҳәм аналарды шын мәнисинде белсендиликке, ояў ҳәм зийрекликке шақырмақта. Соның ушын да жәмийетимиздеги аўыр мәселелерди сапластырыўда нураныйлар көплеген басламаларды алға қоймақта. Әсиресе, шаңарақлардағы тынышсызлықлар, ажырасыўлардың көбейип баратырғаны, бул мәселе жәмийетимиздиң дәртли ноқатларынан бирине айланғаны ояў қәлбли барлық инсанлар қатарында нураныйларды да ойландырып тур.
2024-жылы Президентимиздиң басламасы менен нураныйлар, имам-хатиплер, мәҳәлле белсендилеринен ибарат нураныйлар кеңеси ҳәм ата-аналар топарлары шөлкемлестирилген еди. Мәмлекетимиз басшысы исеним билдиргениндей, Қоқанд ҳәм Марғилан қалаларында бул кеңестиң тәжирийбеси нәтийжели болды.
"Нураный" қоры республикалық басқармасының жуўапкершилигинде елимиздиң барлық аймақларында шөлкемлестирилген нураныйлар кеңеслери ҳәм ата-аналар топарлары бүгин де шаңарақларды беккемлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў, ерте турмыс, туўысқанлар арасындағы неке ҳәм ажырасыўлардың алдын алыў, той-мерекелерди ықшам өткериў, жасларды үнемлеўге үйретиў, шаңарақларда тынышлық-татыўлықты тәмийинлеўде өз сөзин беккем айтып, адамларды дурыс жолға басламақта. Сондай-ақ, туўысқанлар арасындағы некелер ақыбетинде майыплығы бар ҳәм наўқас перзентлердиң туўылыўы, миллий генофондымызға үлкен зыян жеткериўи, бундай некелерден туўылып атырған майыплығы бар перзентлер жәмийетимиздиң аўыр машқаласы болып турғанын да нураныйлар анық мысаллар менен айтып берди.
Жақында Ферғана ўәлаятының Қува районында нураныйлар ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасыўында шаңарақларды беккемлеў, ажырасыўлар, ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм жасларды турмысқа таярлаў, бул бағдардағы машқалаларды сапластырыў, елимизде жумыс алып барып атырған Ақсақаллар кеңеси ҳәм ата-аналар топарларының жумысын талқылаўға бағышланған мәжилис өткерилди. Онда "Елимизде шаңарақлар тыныш, абадан жасаўы, олардың қушағында камалға келип атырған ертеңги күнимиз ийелери - перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме бахытлы өсип-өниўи ушын барлық шараят жаратылған болса да, неге ажырасыўлар көбеймекте? Неге тыныш емес шаңарақлардың саны артпақта?" сыяқлы сораўлар ортаға тасланды.
Ажырасыў жағасына келип қалған шаңарақларды үйренген нураныйлар бул бағдарда оғада әҳмийетли факторды, яғный шаңарақлық қәдириятларға мүнәсибетти итибардан шетте қалдырмаў зәрүрлигин атап өтти. Себеби бүгинги көпшилик жаслар еркин турмысқа таяр емеслиги нәтийжесинде шаңарақлық келиспеўшилик ҳәм тынышсызлық көбеймекте.
Бундай шаңарақлар жәмийетимиздиң аўыр машқаласына айланып атырған екен, перзентлердиң тәғдири инсанды ерксиз тәшўишке салады. Себеби ата-ананың ажырасыўы балалардың қәлбин кемтик етеди, олар ҳәммеден көп азап шегеди. Соның менен бирге, бундай шаңарақта өскен балалар шахс сыпатында өмирде өз орнын табыў, кәсип таңлаў, жәмийетлик турмысқа бейимлесиўде көплеген қыйыншылықларға дус келеди.
Шаңарақлық ажырасыўлар себепли жәмийет ҳәм мәмлекет көлеминде де белгили бир бослық жүзеге келеди. Бундай кеўилсиз жағдайлар жүзеге келмеўи ушын ҳәр бир шаңарақта ата-аналардың перзентлерине өрнек болып, олардың санасына шаңарақлық қәдириятларды сиңдирип барыўы керек.
Тап усы мәселе бойынша "Нураный" қоры Қува районлық бөлиминиң баслығы Зоҳиджон Ашуров ҳәм қувалы 300 ден аслам белсенди нураный шаңарақларды беккемлеў, миллий қәдириятларды сақлаў, шаңарақлардағы социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў мақсетинде усы жылдың сентябрь айын Шаңарақларды беккемлеў ҳәм ажырасыў жағасына келип қалған шаңарақларды жарастырыў айлығы сыпатында белгилеў басламасын алға қойды.
Бул ийгиликли басламаны бүгин мәмлекетимиздеги барлық нураныйлар қоллап-қуўатламақта. Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети, Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы, Жаслар ислери агентлиги, Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы, "мәҳәлле жетилиги" ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлер менен аўызбиршиликте ислесиўимиз бул бағдарда нәтийжелиликти арттырыўда әҳмийетли фактор болып есапланады.
Бүгин мәмлекетимиз көрсетип атырған ҳүрмет-итибардан күш алып, ҳәрекет етип атырған нураныйлар алға қойып атырған ийгиликли басламалар, шын мәнисинде, елимизде абадан ҳәм бахытлы шаңарақлар, бахытлы жәмийетти қурыўдай уллы мақсетти әмелге асырыўға хызмет етеди.
Содиқжон ТУРДИЕВ,
"Нураный" қоры республикалық басқармасы баслығы,
Өзбекстан Қаҳарманы, сенатор