Бизге белгили, "ақыл орайлары" жәмийетлик пикирди қәлиплестириў, мәмлекетлик реформаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды аналитикалық жақтан қоллап-қуўатлаў, стратегиялық қарарлар қабыл етиўде әҳмийетли орын ийелейди. Раўажланған мәмлекетлерде социаллық, экономикалық ҳәм сиясий мәселелер бойынша перспективаларды белгилеўде бийғәрез аналитикалық орайлардың пикирине сүйениў әмелияты кең тарқалған.
Рейтинг қалай қәлиплестирилген?
Рейтинг 2025-жылдың 1-январынан 31-декабрьине шекемги дәўир ушын 2 тийкарғы индикатор ҳәм 4 субиндикатор тийкарында дүзилди:
1. Илимий-аналитикалық потенциал:
материаллар саны;
Телеграм каналлары ҳәм топарларында шөлкемниң жумысы ҳаққындағы материаллардың цитировкаланыў дәрежеси.
2. Коммуникатив активлик:
веб-сайтқа кириў көрсеткиши;
веб-бетлерди жаңалаўдың орташа айлық жийилиги;
Таллаў процесинде SimilarWeb ҳәм Semrush сыяқлы жетекши веб-аналитикалық платформалар тийкарындағы ашық дереклер, Google ҳәм Yandex индекслери, жаңалықлар архивинен пайдаланылды. Буннан тысқары, "ақыл орайлары" тәрепинен берилген аналитикалық материаллар бойынша ғәрезсиз экспертлердиң пикирлери есапқа алынды.
Бул рейтинг айырым орайлардың жумысын қоллап-қуўатлаў ямаса дизимге кирмеген шөлкемлерди төмен баҳалаў мақсетин гөзлемейтуғынын атап өтиў керек. Тийкарғы ўазыйпа елимизде жумыс алып барып атырған "ақыл орайлары"н кең жәмийетшиликке таныстырыў, ашық мағлыўматлар тийкарында олардың белсендилигин көрсетиўден ибарат.
2025-жылдың жуўмағы бойынша "ақыл орайлары" ТОП-20
1. Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы - cerr.uz / review.uz
Социаллық-экономикалық реформалар бойынша аналитикалық ҳәм әмелий изертлеўлер алып барады, стратегиялық усыныслар ислеп шығады;
(1 450+ материал, 1 250 000 қатнас, 150-200 жаңаланыў, 1846 цитатион)
2. "Юксалиш" ҳәрекети - yuksalish.org
Узақ мүддетли стратегиялар ҳәм Мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўы мониторингин әмелге асырады, социаллық-экономикалық мәселелер бойынша экспертлик таллаўды, жәмийетлик экспертизаны ҳәм жәмийетлик пикир сораўларын шөлкемлестиреди. (410+ материал, 175 000 қатнас, 16 жаңаланыў, 2304 цитатион)
3. "Тараққиёт стратегияси" орайы - strategy.uz
Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм раўажланыў стратегияларын ислеп шығыў, оларды кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша аналитикалық ҳәм медиа платформа ўазыйпаларын атқарады.
(780+ материал, 520 000 қатнас, 45-50 жаңалық, 1094 цитатион)
4. Макроэкономикалық ҳәм регионаллық изертлеўлер институти- imrs.uz
Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм социаллық-экономикалық реформалардың нәтийжелилигин баҳалайды, илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығады.
(480+ материал, 240 000 қатнас, 40-50 жаңалық, 571 цитатион)
5. Парламентлик изертлеўлер институты - parliament.gov.uz
Нызам дөретиўшилиги процесин илимий-аналитикалық жақтан қоллап-қуўатлаўды тәмийинлейди, нызам жойбарларын экспертизадан өткереди.
(620+ материал, 410 000 қатнас, 30 жаңалық, 201 цитатион)
6. Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби - gsbe.uz
Исбилерменлик ҳәм бизнести басқарыў тараўында заманагөй билим ҳәм көнликпелерди раўажландырыў, басшы кадрларды таярлаў ҳәм бизнес орталығын жетилистириўге қаратылған илимий-аналитикалық ҳәм билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырады.
(340+ материал, 310 000 қатнас, 30 жаңаланыў, 536 цитатион)
7. "Шаңарақ ҳәм гендер" илимий-изертлеў институты - moiti.uz
Шаңарақ ҳәм мәҳәлле институтларын беккемлеў, гендер сиясаты ҳәм социаллық қоллап-қуўатлаў мәселелери бойынша илимий усыныслар ислеп шығады.
(125+ материаллар, 32 000 қатнас, 4 жаңалық, 828 цитатион)
8. Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты - isrs.uz
Миллий ҳәм регионаллық қәўипсизлик, халықаралық бирге ислесиў ҳәм стратегиялық раўажланыў мәселелери бойынша аналитикалық материаллар таярлайды.
(390+ материаллар, 190 000 қатнаўлар, 15-16 жаңаланыўлар, 44 цитатион)
9. Демократиялық процеслерди таллаў орайы - cadp.uz
Жәмийетлик-сиясий ҳәм социаллық-экономикалық процесслерди мониторинг етиў ҳәм таллаў, пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға жәрдемлесиўге қәнигелескен.
(55+ материаллар, 18000 қатнас, 1-2 жаңалық, 704 цитатион)
10. Орайлық Азия халықаралық институти - iica.uz
Орайлық Азия регионында илимий-экспертлик бирге ислесиўди раўажландырады, регионаллық мәселелерди изертлейди.
(170+ материал, 65000 қатнас, 8 жаңалық, 418 цитатион)
11. Прогрессив реформалар орайы - proreforms.uz
Стратегиялық тийкарланған реформалар, мәмлекетлик сиясатты таллаў ҳәм турақлы раўажланыў тараўларында еркин изертлеўлер алып барады.
(135+ материал, 55 000 қатнас, 4-5 жаңалық, 351 цитатион)
12. Социаллық сиёсат лабораториясы - socialpolicyab.uz
Социаллық хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў, халықтың жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған илимий-аналитикалық изертлеўлер ҳәм әмелий усыныслар ислеп шығады.
(80+ материал, 21000 қатнас, 15-16 жаңаланыў, 161 цитатион)
13. Алдынғы технологиялар орайы - cat-science.uz
Заманагөй илимий-инновациялық қолланбаларды раўажландырыў ҳәм илим жетискенликлерин әмелиятқа енгизиўге қаратылған изертлеў ҳәм жойбарлаў жумысларын әмелге асырады.
(95+ материаллар, 38 000 қатнаўлар, 3-4 жаңаланыўлар, 383 цитатион)
14. Бәсеки сиясаты ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын изертлеў орайы - ccprc.uz
Бәсеки орталығын раўажландырыў, монополияға қарсы сиясатты жетилистириў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў тараўында илимий-аналитикалық изертлеўлер алып барады.
(60+ материаллар, 22 000 қатнаў, 2-3 жаңаланыў, 402 цитатион)
15. Криминология илимий-изертлеў институти - kti.iiv.uz
Жынаятшылықтың себеплери ҳәм динамикасын үйренеди, криминологиялық анализлер өткереди, жынаятлардың алдын алыў бойынша илимий-әмелий усыныслар ислеп шығыўға қаратылған изертлеўлерди әмелге асырады.
(253+ материаллар, 32 000 қатнаўлар, 14-16 жаңаланыўлар, 275 цитатион)
16. Жоқары билимлендириўди раўажландырыўды изертлеў орайы - devedu.uz
Жоқары билимлендириў системасын жетилистириў, инновациялық педагогикалық қатнасларды енгизиў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў бойынша изертлеўлер алып барады.
(150+ материал, 48 000 қатнаў, 4-6 жаңалық, 181 цитатион)
17. "Ижтимоий фикр" республикалық жәмийетлик пикирди үйрениў орайы - ijtimoiyfikr.uz
Социологиялық сораўлар өткериў, жәмийетлик пикирдин динамикасин үйрениў ҳәм системалы мониторинг жүргизиў.
(115+ материал, 42 000 қатнас, 4 жаңалық, 123 цитатион)
18. Нызамшылық ҳәм ҳуқықый сиясат институты - oz.illp.uz
Ҳуқықый сиясатты қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыўды илимий-аналитикалық жақтан қоллап-қуўатлайды.
(110+ материал, 35 000 қатнаў, 4 жаңалық, 85 цитатион)
19. Халықаралық қатнасықларды изертлеў институты - iais.uz
Халықаралық қатнасықлар, геосиясат ҳәм глобал процесслер бойынша фундаменталь ҳәм әмелий изертлеўлер алып барады, аналитикалық жуўмақлар ҳәм усыныслар ислеп шығады.
(85+ материал, 28000 қатнас, 3-4 жаңалық, 62 цитатион)
20. Стратегиялық анализ ҳәм прогнозлаў жоқары мектеби - stibom.uz
Социаллық, экономикалық ҳәм сиясий процеслерди системалы ҳәм стратегиялық жақтан анализлейди.
(75+ материаллар, 25000 қатнас, 2-3 жаңалық, 44 цитатион)
жуўмақ
2025-жыл нәтийжелери Өзбекстанда илимий-аналитикалық белсендилик жылдан-жылға артып баратырғанын көрсетпекте. "Ақыл орайлары" тек ғана материаллардың саны емес, ал жәмийетшилик пенен пикирлесиў, санлы белсендилик бағдарында да үлкен нәтийжелерге ериспекте. Бул рейтинг арқалы "Юксалиш" ҳәрекети мәмлекетте аналитикалық орталықты раўажландырыў, ашық-айдынлық ҳәм саламат бәсекини хошаметлеў, сондай-ақ, жәмийетшиликти бар экспертлик потенциал менен таныстырыўды мақсет еткен.
Келешекте бул рейтинг дәстүрий тийкарда жәрияланып барылады, таллаў орайларының жумысын баҳалаў ҳәм раўажландырыўға хызмет етеди.