Тренингте ҳуқық қорғаў уйымлары, суд системасы ҳәм адвокатура ўәкиллери қатнасты. Олар жынаят процесин әдалатлы, ашық-айдын ҳәм адамгершиликли етиў, тергеў, сорастырыў ҳәм суд процесинде нызам үстинлигин ҳәм инсан ҳуқықларының қорғалыўын әмелде тәмийинлеў бойынша пикир алысты.
Раўажланыў ҳәм әдил судлаў орайының қәнигелери ҳәм Уллы Британия, Испания, Нидерландиядан келген халықаралық экспертлер конституциялық кепилликлер ҳәм "Миранда ҳуқықлары" деп аталыўшы - инсан өзине не айыпланып атырғанын билиў, үндемеў ҳәм қамаққа алынғанда адвокат жәрдеминен пайдаланыў ҳуқықы ҳаққында айтып берди. 1966-жылы АҚШта пайда болған бул принциплер гүманланыўшыларға әдил мүнәсибетте болыў белгиси болды.
Екинши күни британиялы сораўдың халықаралық стандартлары бойынша эксперт қатнасыўшыларға басым ҳәм мәжбүрлеўсиз интервью өткериўдиң заманагөй ҳәм илимий тийкарланған P.E.A.C.E. моделин усынды. Әмелий шынығыўлар даўамында қатнасыўшылар исеним, ҳүрмет ҳәм ашық-айдынлық принциплерине итибар қаратып, бул көнликпелерди үйренди. Қыйнаў ҳәм басқа да зорлықлардың алдын алыўға қаратылған Мендес принциплерине айрықша итибар қаратылды.
Қатнасыўшылардың атап өткениндей, инсан ҳуқықларына ҳүрмет күнделикли кәсиплик әмелияттан - тергеўши тәрепинен сораў берилиўи, прокурор тәрепинен дәлиллерге баҳа берилиўи, судья тәрепинен қарар қабыл етилиўинен басланады. Алынған билимлер қәнигелерге Өзбекстанда жынаят ислерин жүргизиўди және де әдил, адамгершиликли ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаўға бағдарланған етиўге жәрдем береди.












