Британия кеңеси 1934-жылы дүзилген болып, пүткил дүнья бойлап жумыс алып бармақта. Кеңес Уллы Британия ҳәм басқа да мәмлекетлер арасында мәдений-ағартыўшылық байланысларды раўажландырыў, инглис тилин оқытыў, мәдений илажларды шөлкемлестириў ҳәм халықаралық илимий бирге ислесиўге жәрдемлеседи, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Британия Кеңеси Өзбекстанда да жумыс алып барып, инглис тили курслары, IELTS имтиханларына таярлық ҳәм билимлендириў бағдарламаларын усынады.
Ҳәзирги ўақытта Британия кеңеси Өзбекстанда "Мектеп муғаллимлери ушын келешек инглис тили", жоқары оқыў орынларында инглис тилин оқытыў, «Going Global» бирге ислесиўи, теңлик ҳәм инклюзивлик, көркем өнер сыяқлы бағдарларда жойбарларды әмелге асырып атырғанын атап өтти.
Ушырасыў даўамында Шивон Фостер-Перкинс Өзбекстанда инглис тилин оқытыў ҳәм мектеп бағдарламалары жетилистирилип атырғаны, оқытыўшылардың қәнигелиги арттырылып атырғаны, жаслар IELTS имтиханларында жоқары нәтийжелерге ерисип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.








