баннер
27 Apr 2025
13:31

    Өзбекстан футбол ассоциациясы жанында футбол төрешилери академиясы шөлкемлестириледи

    Төрешилик системасын буннан былай да раўажландырыў, жас төрешилердиң билим ҳәм тәжирийбесин арттырыў мақсетинде Өзбекстан футбол ассоциациясы тәрепинен Төрешилер академиясы шөлкемлестирилмекте.

    Атап өтилиўинше, бул академия жас ҳәм қәбилетли төрешилерди таярлаў, оларға профессионал дәрежеде билим ҳәм көнликпелер бериў және төрешилер арасында саламат бәсеки орталығын жаратыў арқалы төрешилик жумысының нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған.

    Академияға футболшылық жумысын түрли себеплерге бола жуўмақлаған, физикалық жақтан жетик, футбол бойынша билимге ийе ҳәм шет тиллерин билетуғын жаслар тартылады. Өзбекстанның ең тәжирийбели рефери, устаз-тренерлери ҳәм ФИФА инструкторлары жас төрешилерди ҳәр тәреплеме күшли, билимли ҳәм профессионал қәниге сыпатында таярлаўға хызмет етеди.

    Академияның басланыўы ҳәм таңлаўлар ҳаққында толық мағлыўматлар Өзбекстан футбол ассоциациясы рәсмий бетлеринде жәрияланады. Таңлаў ҳәм талапларға төмендегилер киргизилген:

    Жас: 18-28 жас аралығында болыўы;

    Антропометриялық көрсеткишлер: еркеклер ушын кеминде 170 см, ҳаяллар ушиын кеминде 160 см болыўы;

    - Физикалық таярлық дәрежеси;

    - Футбол ҳаққында түсиниги ҳәм теориялық билимлер;

    - Компьютер технологиялары ҳәм де шет тили, атап айтқанда, инглис тили бойынша билим дәрежеси.

    Академияда билимлендириў процеси 6 модул тийкарында шөлкемлестириледи ҳәм студентлер арнаўлы экипировка және керекли үскенелер менен тәмийинленеди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech