Анқара қаласында Түркия Республикасы Президенти Режеп Тайип Эрдоған менен сөйлесиўлер, сондай-ақ, еки мәмлекет басшыларының басшылығында Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң төртинши мәжилиси болып өтти.
Сөйлесиўлер жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламына қол қойыў мәресими болды.
ҒХҚ ушын билдириўлерде Өзбекстан ҳәм Түркия жетекшилери болып өткен сөйлесиўлерге баҳа берди.
Буннан соң мәмлекет басшылары Хатай провинциясында Өзбекстан тәрепинен қурылған "Өзбекстан" турақ жай комплексиниң пайдаланыўға тапсырылыўына бағышланған мәресимде, сондай-ақ, Стамбул қаласында Өзбекстан мектеби қурылысының басланыўына бағышланған мәресимде қатнасты.
Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Өзбекстан Президенти өмирлик жолдасы менен бирге Ташкентке жөнеп кетти. "Эсенбога" халықаралық аэропортында жоқары мәртебели мийманларды Түркия вице-президенти Жавдат Йылмаз ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.