Кейинги жыллары елимизде электротехника тармағының раўажланыўына ҳәр тәреплеме жәрдем берилмекте. Нәтийжеде тиккелей сырт ел инвестицияларын ҳәм заманагөй технологияларды тартыў, жергиликли шийки затты терең қайта ислеў, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспорт базарларында бәсекиге шыдамлы, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў имканиятлары кеңеймекте.
Атап айтқанда, бул жойбар Аҳангаранда «Fajr Al Mustaqbal General Trading» компаниясы менен биргеликте 10 гектар майданда әмелге асырылмақта ҳәм оның улыўма баҳасы 30 миллион долларды қурайды.
Бул бағдарда 250 жаңа жумыс орны жаратылады, экспорт 4 миллион долларды қурайды. Ҳәзирги ўақытта қурылыс жумыслары 95 процентке орынланған болып, 11,3 миллион доллар инвестиция өзлестирилген.
Бул кәрханада таярланатуғын өнимлер Әзербайжан, Қазақстан, Тәжикстан, Россия, Қырғызстан, Аўғанстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етиледи.
Ҳәзирги ўақытта бундай кәрханалар Өзбекстанда екеў, Орайлық Азияда болса төртеў. Бул жойбар шеңберинде өндирис көлеми бойынша кәрхана олар арасында екинши орынды ийелейди.
Келешекте, кәрхана толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң, 87 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы кәрхананың өндирис процесин, өнимлердиң сапасын көзден өткерди, қәнигелер ҳәм жумысшылар менен сәўбетлести.
Усы жерде кәрхананы 2026-2027-жылларға мөлшерленген раўажландырыў бағдарламасы да таныстырылды. Жергиликли кәрханаларда ислеп шығарылған электротехника өнимлериниң көргизбеси шөлкемлестирилди.