Атап өтилиўинше, 14 мәмлекеттен 60 спортшы қатнасып атырған бул жарыста дәслепки жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды.
Оған бола Өзбекстан сайланды командасы ағзалары артта қалған күнде 2 алтын, 3 гүмис ҳәм 1 бронза медалларын қолға киргизди. Атап айтқанда, кеше 50 жасты қарсы алған Оксана Чусовитина таянып секириў бағдарламасында гүмис медаль менен сыйлықланды.
Алтын медаль:
Абдулазиз Мирвалиев (еркин шынығыў)
Аҳрорхон Темирхонов (ҳалқа)
Гүмис медаль:
Оксана Чусовитина (таянып секириў)
Равшан Комилжонов (Ат үстинде шынығыў)
Ҳумоюн Исломов (еркин шынығыў)
Бронза медаль:
Шахинабону Юсуфова (таянып секириў)
Бүгин және бир қатар бағдарларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланады, - делинеди хабарда.








