Мәмлекетимиз белгили ҳәм даңқлы чемпионлардың елине айланғаны ҳеш кимге сыр емес. Буны сырт елли эксперт ҳәм аналитиклердиң тән алыўы да әдеттеги жағдайға айланып қалды. Пүткил дүнья итибарын тартатуғын халықаралық жарыс ҳәм абырайлы әнжуманларға басшылық етиў бойынша қәлиплескен миллий тәжирийбе болса көпшиликтиң ҳәўесин оятпақта.
Жоқаридағы пикирлердиң дәлилин бир ғана стол тенниси мысалында да айқын көриў мүмкин. Соның ишинде, усы жылдың 28-31-май күнлери 20 ға шамалас мәмлекеттен 300 ден аслам жас спортшылар пайтахтымызда жыйналған, олардың қатнасыўында Халықаралық стол тенниси федерациясы - ITTF классификациясындағы “WTT Youth Contender Tashkent” турнириниң жоқары дәрежеде өткерилгени итибарға ылайық.
Арадан көп өтпей, яғный 26-июнь - 2-июль күнлери спорт жәмийетшилигиниң нәзери және Өзбекстанға қаратылды. Әйне усы сәнелерде елимизде биринши мәрте стол тенниси бойынша жаслар арасында континент чемпионаты күтилгенинен де жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, Азия стол тенниси аўқамы 30 ға шамалас мәмлекет ўәкиллери қатнасқан бул жарыстың шөлкемлестириўшилик тәреплерин жоқары баҳалады.
Хош, қысқа мүддетте бундай жетискенликлерге ерисиўдиң факторлары нелерден ибарат? Қандай ҳәрекетлер бул жетискенликлерге беккем тийкар болмақта?
Ғәрезсизлик байрамына мүнәсип саўға
Жаңа Өзбекстанның спорт реформалары ҳаққындағы гәпимизди Олимпиада қалашасынан бийкарға басламағанбыз. Бул комплекс соңғы жылларда тараўда әмелге асырылған жумыслардың жоқары ноқаты сыпатында бой көрсетти. Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамы қарсаңында ҳәр қыйлы социаллық объектлер қатарында ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген спорт орайының ашылыўы, халқымыздың тили менен айтқанда, үлкен тойға үлкен саўға болды.
Олимпиада қалашасы қурылысына тырнақ тасы 2022-жыл 9-ноябрьде қойылған. Сол ўақытта мәмлекетимиз басшысы бул жер халқымыздың жоқары дөретиўшилик потенциалы ҳәм өзбек спортының үлкен жетискенликлериниң символына айланатуғынын, архитектуралық жақтан жетик, энергияны үнемлейтуғын ҳәм алдынғы инновациялық шешимлерди жәмлеген сийрек ушырасатуғын комплекс болатуғынын атап өткен еди.
Солай болды да. Қысқа ўақыт ишинде 100 гектардан аслам майданда саўлатлы имаратлар бой тикледи. Қалашадағы 5 тийкарғы спорт объектиниң бири велодром болып, ол қурамалы инженерлик шешимлер тийкарында қурылған.
Трекке жақтылық бирдей ҳәм теңдей дәрежеде түседи. Бул спортшыларға қолайлы болыўы менен бирге, тамаша ҳәм телетрансляция нормаларына да сәйкес келеди. Орынлықлар 2 мың 200 адамға мөлшерленген. Халықаралық олимпиада комитетиниң жаңа талабы бойынша тамаша орынларына қорғаныў тосығы орнатылған.
Биз ушын және бир әҳмийетли тәрепи велодром ортасында стол тенниси жарысларын ҳәм шынығыўларын өткериў ушын қолайлы шараят жаратылғаны болып есапланады. Басқаша айтқанда, ғалабалығы бойынша дүньяда күшли бес спорт түринен бири есапланған стол теннисиниң тренерлери ҳәм қәнигелери оларға ең заманагөй орын берилгенинен қаншелли миннетдар екенин сөз бенен тәрийплеў қыйын.
Әлбетте, ҳәммени қуўандырған бул жаңалық мәмлекетимиз басшысы тәрепинен денетәрбия ҳәм спорт бағдарына, атап айтқанда, стол теннисин буннан былай да раўажландырыўға қаратылып атырған жоқары итибардың әмелий нәтийжеси болып есапланады. Олимпиада қалашасы - өзбек спортының илимий, әмелий, оқыў-шынығыў орайы болып есапланады. Бул жерде шынығыўлар менен бирге спорт билимлендириўи, илими, медицинасы жәмленген.
Презентациялар менен танысыў ўақтында Президентимиз стол теннисин және де ғалаба ен жайдырыў мәселесине айрықша итибар қаратты. Адамларымыз бул спортты жақсы көретуғынын есапқа алған ҳалда оларды қоллап-қуўатлаў, ҳәр бир мәҳәллеге кирип барыўы керек екенлигин атап өтти. Жуўапкерлерге тараўды санластырыў, спорт федерацияларының жумысын күшейтиў ҳәм халықаралық шөлкемлер менен биргеликте жаңа жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Избе-из реформалардың нәтийжеси санларда көринбекте
Өткен әсирдиң ақыры, анығырағы 1988-жылы Олимпиада ойынлары бағдарламасына киргизилген стол теннисин елимизде раўажландырыў, профессионал спортшыларды таярлаў, халықтың кең қатламлары арасында ғалаба ен жайдырыў бағдарында ерисилген жетискенликлерди таллаўға өтиўден алдын тартымлы ойынның тарийхынан азғантай мағлыўмат келтириўди мақсетке муўапық деп таптық.
Әййемги Чин патшалығының орта әсирлерге тийисли жазғы сарайларының дийўалларында сол дәўирдиң адамлары пинг-понг ойнап атырған сүўретлер ҳәзирге шекем сақланып қалған. Ҳақыйқатында да, пинг-понг стол теннисиниң әййемги атларынан бири болып, ҳәзир де көп жерлерде актив қолланылады. Биз тилге алған жазғы сарай болса Қытай императорларының резиденциясы есапланған.
Дәреклерден белгили болыўынша, заманагөй стол тенниси бойынша рәсмий жарыс 1900-жылы Лондонда өткерилген. Вестминстер аббатлығында шөлкемлестирилген тартыста узақ-жақыннан келген 300 адам қатнасқан.
Ең атақлылары қатарында еркеклер арасында Виктор Барна, ҳаяллар арасында болса Мария Медянски тилге алынады. Олар жеке гүреслерде дәслепки жәҳән чемпионлары болыў менен бирге, және онлаған жарысларда жеңисти ҳеш кимге бермеген.
Кейин ала жеңис байрағы әсте-ақырын Европадан Азияға көше баслаған. Ҳәзирги күнде қытайлы стол теннисшилери Ма Лун, Фань Чжэндон, Чэнь Мэн ҳәм басқалар дүнья жаслары ушын үлги есапланады. Өзбекстанлы жигит-қызлар да шынығыўларға таярланыўда олар қолланып атырған усылларды үйрениў, тактикаларын видео таллаўлар арқалы өзлестириўге ҳәрекет етпекте.
Жақын келешекте елимизден де пинг-понг бойынша Олимпиада ҳәм жәҳән чемпионлары, континентал жарыслардың жеңимпазлары жетисип шығыўы әжеп емес. Республикалық стол тенниси федерациясы тәрепинен Спорт министрлиги ҳәм Салық комитетиниң жәрдеминде әмелге асырылып атырған жумыслар өз нәтийжесин беретуғыны сөзсиз.
Бул бағдардағы реформалар санларда да айқын көзге тасланып тур. Соның ишинде, үш жыл алдын елимизде тек ғана бир стол тенниси базасы жумыс алып барған болса, ҳәзир олардың саны 15 ке жетип, ең заманагөй инвентарлар менен тәмийинленди.
Балалар ҳәм жас өспиримлер менен тиккелей ислесетуғын тренерлердиң саны еки есеге көбейип, 650 ден артқаны да имканият есиклерин ашыўға хызмет етпекте. Бүгинги күнде елимизде дерлик 73 мың спортшының стол тенниси менен турақлы шуғылланып атырғаны да әпиўайы санлар емес.
Және бир тәрепи, алдын жарыс өткерилгенин биреў билип, биреў билмей қалатуғын еди. Енди болса қатаң календарь тийкарында жәҳән стандартлары дәрежесинде шөлкемлестирилмекте. Кейинги жыллары жергиликли, миллий ҳәм халықаралық көлемде өткерилген 30 жарыстың көпшилиги ITTF белгилеген нормаларға муўапық шөлкемлестирилгени пикиримизди дәлиллейди.
Әне усы беллесиўлерде спортшыларымыздың да, төрешилеримиздиң де, тренерлеримиздиң де тәжирийбеси сезилерли дәрежеде артқанын айрықша атап өтиў керек. Енди абырайлы турнирлерде тек ғана қатнасып келиў емес, ал жәҳәнниң мине мен деген чемпионлары менен бәсекилесиў тийкарғы мақсет етип белгиленген. Усы мәниде, келеси жылы 6 халықаралық жарысқа басшылық етиўге таярлық ҳәзирден басланғаны итибарға ылайық.
Федерация жумысының жақын мүддетке мөлшерленген жол картасына бола, аймақлардағы 1300 мәҳәллеге, 256 улыўма билим бериў мектебине, көплеген жоқары оқыў орынлары ҳәм дем алыў бағларына теннис столлары, заманагөй ракетка ҳәм стандартқа сәйкес топлар жеткерип бериледи.
Өзбекстан стол тенниси федерациясы ушын айрықша имарат қурып пайдаланыўға тапсырылғаны да айрықша ўақыя болды. Улыўма майданы 2100 квадрат метрди қурайтуғын имаратты қурыў ҳәм оны үскенелеў ушын исбилерменлердиң қәўендерлиги есабынан белгили муғдарда қаржы ажыратылды. Нәтийжеде комплекстиң бир күнлик қатнаў қуўатлылығы 150 адамнан арттырылып, стол теннисиниң ықласбентлерине барлық шараятлар жаратылды.
Не ушын стол теннисин ойнап турыў керек?
Ҳеш итибар бергенбисиз, мәҳәллелер ҳәм көп қабатлы турақ жайлар әтирапында стол тенниси ойнап, өзине тән жарыс шөлкемлестиретуғын балаларды ушыратыў мүмкин. Олар стол тенниси ушын керекли спорт инвентарларын таба алмаса, қолдан жасалған усылларды қолланып, усы ойын менен шуғылланады. Көпшилик мийнет жәмәәтлеринде де хызметкерлерге стол тенниси ойнаўына шараят жаратылған.
Себеби стол тенниси жас ҳәм жасы үлкен ушын ғалабалық спорт түри есапланады. Пинг-понгты жақтырмайтуғын адамды табыў қыйын. Бир тәрептен ол инсанға заўық бағышласа, екинши тәрептен, саламатлыққа пайдасы шексиз.
Стол тенниси менен шуғылланған адамда көриў қәбилети жақсыланады. Узақты көре алмайтуғын, компьютер алдында көп отыратуғын ямаса көзин қандай да бир кеселликтен емлеген адамларға стол тенниси үлкен жәрдем береди. Себеби ойын ўақтында инсанның пүткил диққат-итибары тек топқа қаратылғаны ушын көз қысқа аралық әтирапында тынымсыз шынығыў етеди.
Пинг-понг дем алыў ҳәм жүрек-қан тамыр системаларының жумысына да унамлы тәсир көрсетеди. Ойын ўақтында бир минут аралығында спортшы 120 ға шекем соққы бериў менен бирге шаққанлық ҳәм епшилликти үйренеди. Онда нервти тынышландырыў көнликпеси қәлиплеседи.
Буннан тысқары, бул ойын аяқтың балтыр булшық етлерин беккемлейди. Велоспорт, конкида ушыў, футбол, баскетбол, улыўма, аяқты көп ислеўди талап ететуғин басқа спорт түрлеринде де жүдә қолайлы. Тез жуўырыў, басланғыш тезликти асырыўда да стол теннисиниң орны әҳмийетли.
Дыққатты бир жерге жәмлеп, тез жуўап бериўде бул спорттың әҳмийети үлкен. Мәселен, көпшилик боксшы қарсыласына тез жуўап бериўди үйрениў мақсетинде стол тенниси менен шуғылланады. Себеби, бул арқалы олар ҳәр түрли усылда соққы бериў техникасын өзлестиреди.
Бир ойын даўамында спортшы кеминде төрт километр жуўырыўға тең ҳәрекет етиўин тараў илимпазлары әллеқашан есаплап шыққан. Изертлеўшилер, сондай-ақ, пинг-понг ойнап атырған адам баскетболшыға қарағанда көбирек энергия сарыплайды. Бүгинги профессионал стол теннисинде топтың тезлиги саатына 170 километрге шығып атырғанын есапқа алсақ, бул мағлыўматтың аксиома екенлиги және де айқынласады.
Биз жоқарыда стол тенниси пикирлеўди раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенлигин бийкарға атап өтпедик. Космонавтлар таярланатуғын оқыў орайларының бағдарламасынан стол тенниси шынығыўлары турақлы түрде орын алғаны да пикиримизди дәлиллей алады.
Жуўмақ орнында соны айтып өтиў керек, ҳәзирги күнде Өзбекстан стол тенниси федерациясының барлық жуўапкер ҳәм қәнигелери "Лос-Анжелес - 2028"ге таярлық шеңберинде Олимпиада ойынларына 2 лицензияны қолға киргизиў, 114 халықаралық жарыста мүнәсип қатнасыў, сырт елде 20 дан аслам оқыў шынығыўларын өткериў, сырт елден маман тренерлер, соның ишинде, Қытай Халық Республикасы ҳәм басқа мәмлекетлерден күшли қәнигелерди мирәт етиў бойынша сөйлесиўлер алып бармақта.
Халықаралық бирге ислесиў шеңберинде Беларусь стол тенниси федерациясы менен меморандумға қол қойылды. Қубла Корея, Япония, Қытай ҳәм Германия менен улыўма инвестиция муғдары бир миллион долларды қурайтуғын жойбарлар тастыйықланыўы күтилмекте. Соның ишинде, бүгинги күнге шекем әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде Олимпиада стандартларына жуўап беретуғын 185,3 мың долларға теннис столлары ҳәм басқа да спорт инвентарлары алып келинди.
Булардың барлығы мәмлекетимиз басшысының тараўға қаратып атырған жоқары итибарының турмыстағы - адамлардың көз алдында жүз берип атырған тастыйығы болып есапланады.
Бундай итибар нәтийжесинде жақын келешекте стол тенниси тарийхына өзбектиң "Виктор Барна" ҳәм "Мария Медянски" сыяқлы қаҳарманлары өз атын жазатуғынына гүман жоқ.
Шерзод КУДБИЕВ,
Өзбекстан стол тенниси федерациясы баслығы.