Ушырасыў ўақтында парламентлераралық байланысларды раўажландырыў көзқарасынан Қазақстан-Өзбекстан стратегиялық шериклиги ҳәм аўқамласлығының әҳмийетли мәселелери додаланды.
Президент Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты Баслығын қызғын қутлықлап, оның Астанаға сапары Қазақстан ҳәм Өзбекстан арасындағы стратегиялық қатнасықлардың өзине тән өзгешелигиниң айқын тастыйығы екенин атап өтти.
Қасым-Жомарт Тоқаев Танзила Нарбаеваның еки халық арасындағы дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеўге қосқан жеке үлесин жоқары баҳалады:
"Сизиң сапар етиўиңиз мәмлекетлеримиз арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеў көзқарасынан оғада әҳмийетли. Биз туўысқан Өзбекстан менен бирге ислесиўди раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қаратамыз. Бул Орайлық Азия регионында турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеўде оғада әҳмийетли фактор, деп есаплаймыз. Мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар қаншелли жақсы, жақын ҳәм нәтийжели болса, улыўма региондағы жағдай соншелли тыныш болады. Сизиң сапарыңызға келсек, оны қатнасықларымыздың оғада әҳмийетли элементи болған парламентлераралық байланысларды беккемлеў көзқарасынан ҳақыйқаттан да әҳмийетли, деп билемен".
Өз гезегинде Танзила Нарбаева Қасым-Жомарт Тоқаевқа шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Президент Шавкат Мирзиёевтиң сәлемин жеткерди.
- Мәмлекетимиз басшысы сизге өзиниң жыллы сәлемин жоллады ҳәм алып барып атырған жумысларыңызда үлкен табыслар тиледи. Биргеликте ерисилген келисимлердиң орынланыўын нәтийжели тәмийинлеўге биз, парламент ағзалары, бәрқулла өз үлесимизди қосамыз. Сиз айтқаныңыздай, Өзбекстан ушын Қазақстан, Қазақстан ушын Өзбекстан ең жақын, исенимли шерик, - деди Өзбекстан Олий Мажлиси Сенатының Баслығы.
Сондай-ақ, парламентлераралық дипломатияны, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери де додаланды. Мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеўге айрықша итибар қаратылды.
Өз гезегинде, Қасым-Жомарт Тоқаев Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа қызғын тилеклерин жоллады, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









