Жоқары билим алыў ушын Өзбекстанға ең көп Ҳиндстан ҳәм Түркменстаннан келеди

    Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-июнь айлары даўамында 9,5 мың сырт ел пуқарасы оқыў мақсетинде Өзбекстанға келген.

    Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 1,4 мыңға ямаса 17,3 процентке көп.

    Өзбекстанда билим алыўды мақсет еткен сырт ел пуқараларының саны артып атырғаны мәмлекетимиздеги жоқары билимлендириў мәкемелерине болған исеним ҳәм халықаралық абырай артқанын көрсетеди.

    2025-жылдың биринши ярымында Өзбекстанға оқыў мақсетинде келгенлер саны бойынша ТОП-10 мәмлекет:

    Ҳиндстан - 2 780 адам;

    Түркменстан - 2 622 адам;

    Тәжикстан - 1 145 адам;

    Қытай - 459 адам

    Қубла Корея - 381 адам

    Пакистан - 348 адам

    Қырғыз Республикасы - 263 адам;

    АҚШ - 232 адам

    Аўғанстан - 167 адам

    Түркия - 161 адам

    Сондай-ақ, басқа мәмлекетлерден келген оқыўшылардың саны 988 ди қурады.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates