Ана Ўатан тәғдирине бийпәрўа болмаған ҳәр бир инсан ушын әҳмийетли қолланба

    Мәмлекетимиз турмысы ҳәм дүнья сиясаты сөзлигине "Жаңа Өзбекстан" түсиниги кирип келгенине еле көп ўақыт болған жоқ.

    Бирақ бул түсиник халқымызды бирден-бир ҳәм уллы мақсет әтирапында бирлестирип, уллы шеклерге қарай шақырмақта, десек асыра айтқан болмаймыз. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен киргизилген бул түсиник дүнья жәмийетшилигинде Өзбекстанның жаңа ҳәм заманагөй имиджин қәлиплестириў менен бирге халқымыздың сана-сезими, пикирлеўи ҳәм дүньяға көзқарасында да түпкиликли өзгерислер жасады.

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысының дәслепки жылын "Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы" деп жәриялаған еди. Усы дәўирден баслап мәмлекетлик уйымлар халық пенен қарым-қатнастың түрли усыл ҳәм түрлеринен нәтийжели пайдаланды, пикир ҳәм сөз еркинлиги кепилленди, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары халық минберине айланды.

    "Жаңа Өзбекстан" түсинигин халықтың санасына сиңдириў, жәмийетте ашық-айдынлықты тәмийинлеўде баспа хабар қуралларында жәрияланған илимий, ғалабалық ҳәм аналитикалық мақалалар және сәўбетлердиң әҳмийети үлкен. "Жаңа Өзбекстан әрманы" топламынан "Янги Ўзбекистон" ҳәм "Правда Востока" газеталарының бас редакторы, Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист Салим Дониёровтың ҳәр қыйлы жылларда басып шығарылған әҳмийетли темалардағы сәўбетлери ҳәм мақалалары орын алған. "Жаңа Өзбекстан демократиялық өзгерислер, кең имканиятлар ҳәм әмелий жумыслар мәмлекетине айланбақта" деп аталған сәўбетте. "Жаңа Өзбекстан" идеясының мазмун-мәниси жәмленген болып, идеяның пайда болыўы ҳәм турмысқа енгизилиўи Президентимиз тәрепинен төмендегише түсиндирилген:

    "Жаңа Өзбекстанды қурыў - бул тек ғана тилек, субъектив ҳәдийсе емес, ал түпкиликли тарийхый тийкарларға ие болған, мәмлекетимиздеги ҳәзирги сиясий-ҳуқықый, социаллық-экономикалық, руўхый-ағартыўшылық жағдайдың өзи талап етип атырған, халқымыздың әсирлик умтылысларына сәйкес, оның миллий мәплерине толық жуўап беретуғын объектив зәрүрлик болып табылады".

    Сәўбетлесиўде мәмлекет раўажланыўының ҳәзирги басқышындағы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилген, социаллық қорғаў, гендер теңлик, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, аналық ҳәм балалықты қорғаў ҳәм басқа да мәселелер қамтып алынған, яғный қайсы тараў ямаса тармақ итибардан шетте қалмаған.

    Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева менен сәўбет мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыста жүз берип атырған өзгерислер, демократиялық реформаларды және де тереңлестириў, еркин ҳәм ашық-айдын пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўде парламенттиң роли, ҳаял-қызлар мәселелерине бағышланған.

    Улыўма етип айтқанда, топламдағы 16 сәўбетте журналист ҳүкимет жуўапкерлери, мәмлекетлик уйымлар ҳәм министрликлер басшыларының алдына халықты қызықтырып атырған ҳәм ойландырып атырған мәселелерге байланыслы кескин сораўлар қойған. Берилген жуўапларда тийисли тараў ҳәм тармақта әмелге асырылып атырған реформалар, бар машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша усыныс ҳәм басламалар атап өтилген. Халық ўәкиллери усы жуўапларға тийкарланып жуўапкерлерден мәмлекетлик бюджет есабынан әмелге асырылған реформалар, берилген ўәделердиң орынланыўы бойынша нәтийже талап етиўге ҳақылы, деп ойлайман.

    Салим Дониёровтың ҳәр қыйлы жылларда газета бетлеринде жәрияланған ҳәм топламға киргизилген әҳмийетли темадағы мақалалары ҳәр қандай оқыўшыны өзине тартатуғыны анық. Бул мақалаларда халқымыздың тилинде, кеўлинде турған гәплер, пикирлер, ойландырып атырған машқалалар сәўлелендирилген, оларға шешимлер усыныс етилген.

    Топламдағы мақалалардан бири "Жеңис, жеңис сезими қанымызда бар" деп аталған екен. Таўып қойылған бас бет мақаланың ярым табысы, деп бийкарға айтылмаған. Атаманың өзи оқыўшыны өзине тартады, онда мақтаныш, исеним ҳәм аўызбиршилик сезимин оятады. Бул атаманы оқыр екенбиз, көз алдымызда уллы ата-бабалардың тымсалы пайда болды, олардың мәдетин, күшин сезгендей боламыз.

    Жуўмақ орнында бул китап халқымыз ушын сүренге айланған "Жаңа Өзбекстан" түсиниги ҳаққында мағлыўмат алыўды қәлеген, Президентимиз ҳәм жуўапкер уйымлар басшыларының пикир-усыныслары, түрли тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм гезектеги ўазыйпалар менен танысыўды қәлеген, бир сөз бенен айтқанда, ана ўатан тәғдирине бийпәрўа болмаған ҳәр бир инсан ушын әҳмийетли қолланба бола алады, деп айтыў мүмкин.

    Көп жыллық мийнет ҳәм дөретиўшилик жемиси болған бул китап халқымызға ҳәм авторға мүбәрек болсын. Жанкүйер журналист Салим Даниярға дөретиўшилик жетискенлик ҳәм турақлылық тилеймиз.

    Ибрайым Абдурахманов,

    Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы министри,

    академик


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates