Қарарға муўапық, "Келажак" орайларында оқыў ушын ата-аналар төлеминиң төмендеги муғдарлары белгиленди:

2026-жыл 1-январьдан баслап:

  • Ташкент қаласында - БЕМниң 30 проценти;
  • ўәлаят орайларында - БЕМниң 25 проценти;
  • республиканың басқа район (қала) ларында, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм Хорезм ўәлаятының Үргенш қаласында - БЕМниң 15 проценти;
  • Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының қалған район (қала) ларында - БЕМниң 10 проценти;

2026-жыл 1-сентябрьден баслап:

  • Ташкент қаласында - БЕМның 60 проценти;
  • ўәлаят орайларында - БЕМниң 50 проценти;
  • республиканың басқа район (қала) ларында, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм Хорезм ўәлаятының Үргенш қаласында - БЕМниң 30 проценти;
  • Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятының қалған район (қала) ларында - БЕМның 20 проценти муғдарында.

Қарар менен тастыйықланған Режеге муўапық, ағымдағы ай ушын төлем усы айдың 10-сәнесинен кешиктирмей төленеди. Онда сентябрь айы ушын төлем 30-сәнеге шекем төленеди.

Төмендегилер ата-аналар төлеминен азат етиледи:

"Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақлардың перзентлери (оқыўшылар улыўма санының 15 проценти муғдарында);

айрықша билимлендириў зәрүрликлери болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп-интернатлардың оқыўшылары;

улыўма билим бериў шөлкемлериниң инклюзив классларында оқып атырған жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар, айрықша билимлендириўге мүтәжлиги болған оқыўшылар.