Онда шет тили биринши пән сыпатында белгиленген билимлендириў бағдарларына қабыллаўда усы пәннен тест сынағы өткерилмейди. Буннан алдын болса абитуриентлер белгиленген дәрежедеги сертификатты усыныўы керек болады.
2025/2026-оқыў жылы ушын республикалық жоқары билимлендириў мәкемелериниң билимлендириў бағдарларының дизими ҳәм оларға сәйкес тест сынағы (профессионал (дөретиўшилик) имтихан) тапсырылатуғын пәнлер топламына бола шет тили биринши пән сыпатында белгиленген билимлендириў бағдарларының дизими төменде келтирилген:
Мағлыўмат ушын, биринши пән сыпатында анық көрсетилген инглис, немис ҳәм француз тиллеринен тап усы пән бойынша, биринши пән "Шет тили" көрсетилген билимлендириў бағдарларына болса, бакалавриат тәлим бағдарлары ушын тастыйықланған шет тиллерин билиў дәрежесин белгилейтуғын миллий ҳәм халықаралық сертификатлардан бирин усыныў талап етиледи.
Тастыйықланған сертификатлардың дизими усы байланбада келтирилген.