Оқыўды көшириў бойынша тест сынақлары сәнеси жәрияланды

    Студентлердиң оқыўын сырт мәмлекетлердеги, сондай-ақ, Өзбекстандағы сырт ел ҳәм мәмлекетлик емес ЖООлардан мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына көшириў бойынша тест сынақлары усы жылдың 18-19-август күнлери болып өтеди.

    Бул ҳаққында Билимди баҳалаў агентлиги мәлим етти.

    Тест сынақлары еки сменада шөлкемлестириледи:

    • 1-сменада 8:00 ден 11:00 ге шекем,
    • 2-смена 15:00 ден 18:00 ге шекем болып өтеди.

    Тест сынақлары 2 қәнигелик ҳәм 3 мәжбүрий пән бойынша өткериледи ҳәм талабанларға қәнигелик пәнлеринде 30 данадан, мәжбүрий пәнлерде 10 нан - жәми 90 тест тапсырмасы ҳәм оларды ислеў және жуўаплар бетине көшириў ушын 3 саат ўақыт бериледи.

    Талабанлар тест сынағында қатнасыў ушын рухсатнаманы Билимди баҳалаў агентлигиниң my.uzbmb.uz сайтынан алыўы мүмкин.

    Талабанлар тест сынағы өткерилетуғын имаратқа рухсатнамада белгиленген ўақыттан кешикпей, паспорт (ID -карта) ҳәм рухсатнама менен келиўи керек.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates