Атап айтқанда, Президент қарары тийкарында районда жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақлар бир қатар қәўендер шөлкемлерге бириктирилип, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша көплеген ийгиликли ислер алып барылмақта.
Жаңа жыл байрамы қарсаңында усындай қәўендерлик илажлары акционерлик коммерциялық «Халық банк»тиң Қараөзек банк хызметлер орайы тәрепинен өткерилди. Орай баслығына бириктирилген Бердақ аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы 5 кем тәмийинленген шаңарақлардан хабар алынды.
Илаж даўамында бул шаңарақлардың машкалалары тыңланып, ҳәр бир үйге байрам саўғасы сыпатында 2 млн сумнан қаржылай жәрдемлер көрсетилди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.