Өткен жылы Өзбекстан - Қытай арасында товар алмасыўдың көлеми 13 миллиард доллардан артты

    Усы жылдың 29-30-апрель күнлери Өзбекстан ҳүкимети делегациясы әмелий сапар менен Қытай Халық Республикасының Урумчи қаласында болды.

    Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Шинжон-Уйғур автоном районы Парткомының хаткери Ма Синжуй басшылығындағы еки мәмлекет делегацияларының ушырасыўы болып өтти.

    Дәслеп, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Сзинпин ҳәм ШБШ Парткомы хаткерине жоллаған қызғын сәлеми ҳәм жақсы тилеклери жеткерилди.

    Қытай Өзбекстанның исенимли, ўақыт сынағынан өткен стратегиялық шериги екени, еки тәреплеме байланыслар барған сайын беккемленип атырғаны, мәмлекетлеримиз арасындағы бирге ислесиў барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилди.

    Онда, Мәмлекетлер жетекшилери арасындағы тығыз, исенимли ҳәм шын жүректен дослық байланыслары үлкен әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

    Ушырасыўда тәреплер саўда, инвестициялық ҳәм технологиялық бирге ислесиў раўажланып атырғаны, инфраструктура, санаат кооперациясы, аўыл хожалығы, "жасыл" энергетика тараўларында жаңа жойбарлар әмелге асырылып атырғаны нәтийжесинде өткен жылы товар алмасыў көлеми 13 миллиард доллардан артқанын билдирип, Мәмлекетлеримиз басшылары тәрепинен белгилеп берилген 20 миллиард долларлық көрсеткишке ерисиў ушын барлық имканиятлар бар екенлигин атап өтти.

    Саўда-санаат, транспорт-логистика, энергетика, аўыл хожалығы, туризм ҳәм билимлендириў тараўларында көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери бойынша да ҳәр тәреплеме пикир алысылды.