Комплекс пенен қысқаша танысыў даўамында Әзербайжан делегациясының ўәкиллерине бул комплекс ҳаққында, атап айтқанда имараттың өзине тән архитектуралық шешими ҳаққында мағлыўмат берилди.
"Жаңа Өзбекстан" бағы ҳәм Ғәрезсизлик монументи ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған.
Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының елимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў жақсы дәстүрге айланған.
Туўысқан мәмлекет ўәкиллери комплексте сәўлелендирилген уламалар, уллы сәркарда ҳәм жәҳәнгирлер, жадид бабаларымыздың тулғаларына байланыслы мағлыўматларға айрықша қызығыўшылық билдирди.









