Илажда Уллы Британия патшалығы шаңарағы, жоқары әскерий-сиясий топар ўәкиллери, дипломатлар, сондай-ақ, басқа мәмлекетлерден мийманлар қатнасты. Мәресимде дүньяның 30 дан аслам мәмлекетинен келген 700 ден аслам адам, соның ишинде курсантлар қатнасты.
Байрам Британия әскерий көркем өнериниң әсирлик дәстүрлерине муўапық өткерилген Академия кадетлериниң уллы парады менен басланды.
Парадтан соң мәресим қатнасыўшылары академияның тарийхый залында әпсаналық Сандхерст орталығында болып өткен салтанатлы қабыллаўға мирәт етилди.
Патшалық академиясы басшылығы билимлендириў процесинде жоқары тәртип, жоқары дәрежедеги академиялық таярлық ҳәм жетекшилик пазыйлетлерин көрсеткен өзбекстанлы офицерлердиң әжайып нәтийжелерин айрықша атап өтти. Бул жетискенликлер өзбек әскерий хызметкерлериниң профессионаллығы ҳәм халықаралық таярлық стандартларына садықлығының айқын үлгиси болып есапланады, деп хабар береди "Дунё" ХА.
Сандхерст Патшалық әскерий академиясы дүньядағы ең әййемги әскерий билимлендириў мәкемеси болып есапланады. Академияның рәсмий шөлкемлестирилиўи 1947-жылға туўра келсе де, оның келип шығыўы XVIII әсирге барып тақалады. Әсирлер даўамында Сандхерст тек Уллы Британияның емес, ал басқа мәмлекетлердиң де белгили жетекшилерин таярлап, офицерлер элитасын қәлиплестирди. Оның питкериўшилери арасында Уинстон Черчилл, Қатар әмири Ҳамад бин Халифа Ол Соний, Бахрейн патшасы Ҳамад ибн Исо Ал Халифа, Бруней султаны Ҳассанал Балкиях, Дубай мийрасхор шаҳзадасы Ҳамдан ибн Муҳаммад Ал Мактум, сондай-ақ, инглис патшалығының ақлықлары шаҳзадалар Уилям ҳәм Гарри сыяқлы белгили шахслар бар.