Елимизде кеңнен белгиленип атырған кәсиплик байрам - Медицина хызметкерлери күни менен халқымыздың денсаўлығын сақлаўда жанкүйерлик көрсетип атырған сиз, әзизлерди шын жүректен қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Ҳәммемизге белгили, саламатлық - бул ҳәр бир инсан, жәмийет ушын бийбаҳа байлық, уллы бахыт. Бәршемиз жақсы түсинемиз, тек ғана саламат инсан ҳәм саламат халық үлкен ислерге уқыплы.
Уллы бабамыз Әлийшер Наўайының "Ҳәм тән, ҳәм жан шыпакери бол" деген ҳикметли сөзлеринде терең мәни бар. Олар, биринши гезекте, сизлер сыяқлы пидайы инсанларға қаратылған, деп ойлайман.
Жаңа Өзбекстанда жаңа денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў бағдарындағы нәтийжели жумысыңызды жоқары қәдирлеймиз. Мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли мийнетиңиз ушын сизлерге халық атынан шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Қәдирли медицина хызметкерлери!
Мәмлекетимизде халықтың саламатлығын беккемлеў, инсанның турмыслық мәплери, қәдир-қымбатын тәмийинлеў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири екенин сизлер жақсы билесиз, әлбетте.
Кейинги жыллары тараўға мәмлекетлик бюджеттен ажыратылып атырған қаржылардың көлеми 6 есеге арттырылғаны, денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң материаллық-техникалық базасы, кадрлар потенциалы түп-тийкарынан жақсыланғанын атап өтиў керек. Сапалы медициналық хызметлер халыққа және де жақынластырылып, мәҳәлле дәрежесине жеткерилди. Ең әҳмийетлиси, бүгинги күнде бул өзгерислердиң нәтийжесин ҳәр бир ўатанласымыз өз турмысында сезинбекте. Мәселен, бурын тек пайтахтта мүмкин болған 400 ден аслам жоқары технологиялы медициналық хызметлер ҳәзир ўәлаят ҳәм районларда да бар.
Халықаралық тәжирийбе тийкарында бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң жаңа модели енгизилмекте. Бул бағдардағы жумысларымыздың нәтийжеси сыпатында қысқа дәўирде аймақларда 490 денсаўлықты сақлаў мәкемеси қайта шөлкемлестирилди, юридикалық шахс статусына ийе 350 шаңарақлық поликлиника жумысы жолға қойылды.
2017-жылдан берли елимизде аналар өлими көрсеткиши 21 промилледен 11 промиллеге, нәрестелер өлими 11,5 промилледен 7,8 промиллеге азайғаны тараўда әмелге асырылып атырған реформалардың айқын нәтийжеси болып есапланады.
Быйыл мәмлекетлик медицина мәкемелеринде биринши мәрте робототехнологиялар енгизиле баслады. Ҳәзирги ўақытта медицинаны санластырыў пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. 36 миллионнан аслам халықтың медициналық мағлыўматларын өз ишине алған DMED бирден-бир электрон мәлимлеме платформасы иске қосылды. Министрлик системасында "Санлы денсаўлықты сақлаў" орайы шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, жасалма интеллект жәрдеминде әмелге асырылатуғын медициналық тексериў ҳәм емлеў түрлери 43 ке жетти.
Сондай-ақ, тез медициналық жәрдем хызметинде шақырыўларды басқарыўдың электрон системасының енгизилгени де әҳмийетли жаңалық болды. Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша да жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.
Денсаўлықты сақлаў системасында жеке меншик сектордың үлеси артпақта. Соңғы сегиз жылда мәмлекетимизде жеке меншик клиникалардың саны 3,5 мыңнан 9 мыңға, олар тәрепинен көрсетилип атырған медициналық хызмет түрлери 50 ден дерлик 130 ға көбейгени де соннан дәрек береди.
Өзбекстан фармацевтика базарында миллий өнимлердиң көлеми артып бармақта, 2017-жылдан берли оларды ислеп шығарыў көлеми 1,4 триллион сумнан 6,3 триллион сумға, экспорт 6,3 миллион доллардан 250 миллион долларға көбейди.
Тараў ушын кадрлар таярлаў системасын жетилистириў мақсетинде бар болған үш жоқары билимлендириў мәкемеси негизинде Ташкент мәмлекетлик медицина университети шөлкемлестирилди. Үргенш мәмлекетлик медицина институтының жумысы жолға қойылды. Самарқанд мәмлекетлик медицина университети абырайлы THE халықаралық рейтингинен орын алды. Халықаралық аккредитациядан өткен медицина жоқары оқыў орынларының саны 8 ге жетти.
Быйыл 300 ге шамалас қәнигемиз онлаған раўажланған сырт мәмлекетлерде тәжирийбе арттырды.
Халқымыздың турмыс шараяты жақсыланып, оның орташа даўамлылығы 73,8 жылдан 75,1 жылға артқаны, бул бағдарда өз кәсиби ҳәм хызмет ўазыйпасына садық болған сиз, әзизлердиң үлкен үлесиңиз бар екенлигин атап өтиў зәрүр.
Әзиз дослар!
Биз гөзлеген жоқары шеклерге ерисиўде елимиз тынышлығы ҳәм халқымыз саламатлығын сақлаў шешиўши әҳмийетке ийе. Тынышлық ҳәм саламатлықты беккемлеў дәрти менен жасап, тек ғана алға умтылып, өз күш ҳәм имканиятларына исенген халық, миллет өзиниң ийгиликли мақсетлерине әлбетте жетеди.
Сизлер бул жолда бар билим ҳәм тәжирийбеңизди жумсап, Өзбекстан денсаўлықты сақлаў тараўындағы мақтанышлы дәстүрлерди избе-из даўам еттирип, дүнья медицинасының алдынғы жетискенликлерин өзлестирип, тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығатуғыныңызға исенемен.
Соның менен бирге, денсаўлықты сақлаў системасы хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип қәдирлеў, оларға ҳәр тәреплеме қолайлы шараят жаратыў мәселелери буннан былай да мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң дыққат орайында болады.
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, ийгиликли жумысыңызда тасқын табыслар, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, тынышлық-аманлық тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти









