Мәмлекетимиз басшысы сапар бағдарламасына муўапық Доха қаласында Социаллық раўажланыў бойынша екинши жәҳән саммитинде қатнасады.
Сондай-ақ, жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекети Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Сонийдиң мирәт етиўине бола 3-ноябрь күни әмелий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.
Мәмлекетимиз басшысы сапар бағдарламасына муўапық Доха қаласында Социаллық раўажланыў бойынша екинши жәҳән саммитинде қатнасады.
Сондай-ақ, жоқары дәрежедеги еки тәреплеме ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.
Президент Шавкат Мирзиёев 10-декабрь күни коррупцияға қарсы гүресиў, комплаенс қадағалаўды жетилистириў ҳәм санластырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги режелерге байланыслы презентация менен танысты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 9-декабрь күни Ташкент қаласында өтип атырған усы абырайлы структураның Бас ассамблеясында қатнасыў шеңберинде мәмлекетимизде болып турған Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) президенти Муҳаммад бин Сулайым басшылығындағы делегацияны қабыл етти.
Президент Шавкат Мирзиёев 9-декабрь күни автомобиль жоллары тараўында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпалар бойынша презентация менен танысты.
Президент Шавкат Мирзиёевқа мәҳәллелерди жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди.
Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 33 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен "Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында"ғы Пәрманға қол қойылды.




