Бүгин мәмлекетимиз басшысы Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде шығып сөйледи.
Кеше, 25-декабрь күни Өзбекстан жетекшиси Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер басшыларының рәсмий емес саммитинде қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы әмелий сапарын жуўмақлап, "Пулково" халықаралық аэропортынан Ташкентке жөнеп кетти. Жоқары мәртебели мийманды Санкт-Петербург қаласы губернаторы Александр Беглов ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.