Тарийхта бириншиси болған бул сапар етиў Өзбекстан-Монголия қатнасықларында жаңа басқышты баслап берди ҳәм көп қырлы бирге ислесиўдиң раўажланыўы ушын кең имканиятлар ашты.
Мәмлекетимиз басшысы кеше Улан-Батор қаласында Президент Ухнаагийн Хурэлсух пенен тар шеңберде ҳәм кеңейтилген қурамда сөйлесиў өткерди. Әмелий бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, бәринен бурын, саўда-экономикалық ҳәм санаат тараўларында кооперацияны раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.
Жуўмағында Кең көлемли шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойылды.
Президентлер өмирлик жолдаслары менен еки мәмлекет көркем өнер шеберлериниң қоспа концертинде қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы өмирлик жолдасы менен "Их Тэнгэр" комплексине барды. Президентлер ҳәм биринши ханымлар биргеликте терек екти. Дәстүрий "Наадам" ойынлары тамашалады.
Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Өзбекстан Президенти Ташкентке жөнеп кетти. Аэропортта жоқары мәртебели мийманларды Монголия сыртқы ислер министри Батмунх Батцэцэг ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.












