Өзбекстан - Қырғызстан - Қытай - Монголия коридоры бойлап биринши пилот жүк тасыўы орынланбақта

    Транспорт министрлиги Саўда-санаат палатасы менен биргеликте "Өзбекстан - Қырғызстан - Қытай - Монголия" коридоры бойлап биринши пилот жүк тасыўын шөлкемлестирди.

    Атап өтилиўинше, бул бағдар мәмлекетлер арасында экспорт ҳәм импорт жүк тасыўларының көлемин арттырыўға, саўда байланысларының географиясын кеңейтиўге ҳәм товарларды жеткерип бериў мүддетлерин қысқартыўға хызмет етеди.

    Дүнья жүзилик логистика базарындағы жағдайды есапқа алған ҳалда, бул коридордың раўажланыўы өзбек миллий тасыўшылары ушын өз бизнесин кеңейтиў, нәтийжелиликти арттырыў және регионаллық ҳәм глобаллық дәрежедеги орынларды беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.