Өзбекстан ҳәм Сербия арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў перспективалары көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Сербия жетекшисин қызғын қутлықлап, бирге ислесиў дәўириндеги биринши саммит тарийхый әҳмийетке ийе болатуғынын ҳәм Өзбекстан - Сербия қатнасықларын сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығатуғынын атап өтти.
- Дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленип атырған жылда рәсмий сапарыңыз тарийхый ўақыя болып есапланады. Өзбекстанда Сербияға үлкен тилеклеслик пенен қарайды. Халықларымызды беккем дослық байланыслары ҳәм уқсас менталитет байланыстырып турады, - деди Өзбекстан Президенти.
Сөйлесиўлерде товар алмасыўды көбейтиў, машина қурылысы, фармацевтика, химия санааты, мәлимлеме технологиялары ҳәм санластырыў, агросанаат комплекси, туризм ҳәм көплеген басқа да әҳмийетли тармақларда кең көлемли кооперация бағдарламасын таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
"Орайлық Азия - Балкан" бағдарында жаңа транспорт коридорларын, соның ишинде, Транскаспий коридоры шеңберинде раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бирге ислесиўдиң экономикалық күн тәртибин алға қойыў мақсетинде келеси жылы Ташкент қаласында Ҳүкиметлераралық комиссияның биринши мәжилисин өткериўге келисип алынды.
Тәртипли мийнет миграциясы, мәдений-гуманитарлық ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды.
Жетекшилер регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысты.









