“Kazinform” халықаралық мәлимлеме агентлигиниң жазыўынша, бул ҳаққында Өзбекстан космослық агентлиги директорының орынбасары Муҳиддин Иброҳимов мәлим еткен.
Муҳиддин Иброҳимовтың сөзлерине бола, усы жылы Өзбекстаннан 7 студент Японияның Кюсю технология институтына магистратура басқышына оқыўға жибериледи.
- Оқыў дәўиринде жасалма жолдас жойбарын ислеп шығыў, оны жыйнаў ҳәм жасалма жолдасты космосқа ушырыўға байланыслы билимлерди ийелейди. Соның менен бирге космосқа жасалма жолдасты ушырыў ушын компаниялар менен шәртнамалар дүзиў кереклигин де түсиниўимиз керек. Бизиң режемизге бола, Өзбекстан 2028-жылға шекем өз жасалма жолдасын космосқа алып шығады, - Өзбекстан космослық агентлиги директорының орынбасары.
Өзбекстан тәрепи Space Х компаниясы менен сөйлесиўлер алып бармақта.
