Өзбекстан менен Болгария арасындағы әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Болгария жетекшисин қызғын қутлықлап, соңғы 17 жылдағы биринши саммит тарийхый әҳмийетке ийе екенин, Өзбекстан-Болгария дослық ҳәм шериклик қатнасықларын сапа жағынан жаңа дәрежеге алып шығатуғынын атап өтти.

Парламентлер, экономика ҳәм сыртқы сиясат уйымлары арасындағы бирге ислесиў жеделлескени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Товар алмасыў көрсеткишлери өспекте, кооперацияның жаңа бағдарлары ҳәм жойбарлары ислеп шығылмақта.

Гуманитарлық алмасыўлар әмелге асырылмақта, Бухара ҳәм Варна, Самарқанд ҳәм Пловдив арасында дослық байланыслары орнатылған.

Көп қырлы бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсетинде сыртқы сиясат уйымлары арасында системалы байланысларды жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Саўданы, бәринен бурын, тоқымашылық, азық-аўқат, химия ҳәм фармацевтика өнимлери, металл буйымлар ҳәм технологиялық үскенелер жеткерип бериўди кеңейтиў арқалы көбейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өз-ара саўданың өсиўин хошаметлеў мақсетинде пайтахтларда саўда үйлерин ашыў, лабораторияларды аккредитациядан өткериў ҳәм жеңиллетилген кредит линияларын ажыратыў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Агросанаат комплекси ҳәм азық-аўқат санааты, фармацевтика, геология, жасалма интеллект, санлы технологиялар ҳәм IТ, туризм тараўларында биргеликтеги жойбарларды алға қойыў тийкарғы бағдар сыпатында атап өтилди.

Нәтийжели жер үсти ҳәм ҳаўа транспорт коридорларын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Усы мәнисте, тәреплер еки мәмлекет арасында тиккелей авиақатнаўларды жолға қойыў имканиятын көрип шығыўға келисип алды.

Мийнет ресурслары тараўында системалы бирге ислесиўди жолға қойыў ушын София қаласында Өзбекстан Республикасы Миграция агентлигиниң ўәкилханасын ашыў мәселеси көрип шығылады.

Гуманитарлық байланысларды, соның ишинде, академиялық ҳәм илимий алмасыўларды жеделлестириў, усы жылы Әндижан қаласында жетекши жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының ушырасыўын өткериў басламалары қоллап-қуўатланды.

Сондай-ақ, келеси жылы Өзбекстан ҳәм Болгария мәденияты ҳәм киносы ҳәптелигин шөлкемлестириўге келисип алынды.

Ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен системалы қадағалаўды тәмийинлеў мақсетинде тәреплер биргеликтеги "жол картасы"н қабыл етиў ҳәм Ҳүкиметлераралық комиссия жәрдемши баслықларының дәрежесин арттырыў, оның жумысына аймақлар ҳәм ири компаниялардың басшыларын тартыўға келисип алды.

Ушырасыў жуўмағында Президент Румен Радев Президент Шавкат Мирзиёевти өзи ушын қолайлы ўақытта жуўап сапары менен Болгарияға барыўға мирәт етти.