Бул ҳаққында "Өзгидромет" хабар берди. Атап өтилиўинше, республика бойынша ўақты-ўақты менен тийкарынан қар көринисиндеги жаўын-шашын болыўы күтилмекте.

13-февральда орайлық ҳәм шығыс ўәлаятларда айырым жерлерде, сондай-ақ, Өзбекстанның шөл аймақларында жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.

14-февральда республиканың көпшилик ўәлаятларында жаўын-шашын күтилмейди, тек ең шетки қублада айырым жерлерде бираз жаўын жаўыўы мүмкин, таў алды ҳәм таўлы аймақларда жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.

Ҳаўа температурасы 10-11-февральда күндиз күнлери 0-5 дәреже жыллы, түнде 0-5 дәреже суўық, арқада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 6-8 дәрежеге шекем суўық болады.

12-февральдан температура әсте-ақырын көтериле баслайды ҳәм 13-14-февральға келип, күндизги температура 8-11 градус жыллыға шекем, қублада 12-14 градус жыллыға шекем көтериледи.

Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейеди.

Республика бойынша айырым жерлерге думан түседи.

Ташкентте: бүгин кеште бираз қар жаўыўы мүмкин. 11-12-февральда ўақты-ўақты менен тийкарынан қар көринисиндеги жаўын-шашын болады. 13-февральда тийкарынан жаўын көринисиндеги бираз жаўын-шашын болыўы күтилмекте. 14-февральда жаўын-шашын күтилмейди.

Ҳаўаның температурасы түнде 3 градус суўық-2 градус жыллы, күндиз 10-11-февральда 0-5 градус жыллы, 12-14-февральда 8-10 градус жыллыға шекем кем-кемнен көтериледи.

Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Самалдың бағыты батыстан өзгерип, шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.