Мүрәжатта атап өтилиўинше, бул баслама 2025-жыл 29-сентябрьде жәрияланған ҳәм дүнья жетекшилери тәрепинен қоллап-қуўатланған, сондай-ақ, БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң 2025-жыл 17-ноябрьдеги 2803-санлы резолюциясы менен мақулланған Газадағы келиспеўшиликти сапластырыў бойынша комплексли режеге тийкарланған.

Узақ мүддетли тынышлық, турақлылық ҳәм қәўипсизликти қәлиплестириў ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға таяр болған мәмлекетлерди бирлестириўге қаратылған жаңа халықаралық структура - Тынышлық кеңесин шөлкемлестириў басламаның әҳмийетли элементи болып есапланады.

Өзбекстан Республикасына Тынышлық кеңесине шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қосылыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы америкалы кәсиплесине жуўап хат жоллап, онда Өзбекстан Тынышлық кеңесине шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қосылыўға таяр екенин билдирди.

Президентимиз өзиниң қутлықлаўында бул баслама Жақын Шығыста көп жыллық келиспеўшиликлерди шешиў, кең регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланатуғынын атап өтти.