Өзбекстан глобал миграция процесслеринде исенимли шерик сыпатында тән алынды

    Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Аваза қаласында Халықаралық миграция шөлкеминиң БМШтағы миссиясының басшысы Пьер Лильерт пенен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда П. Лильерт Өзбекстанның глобаллық, қәўипсиз, тәртипли ҳәм турақлы миграция ҳаққындағы халықаралық келисимлерди бириншилерден болып қоллап-қуўатлаған мәмлекетлерден бири екенин атап өтти. Сондай-ақ, 30-июль - Пүткил жер жүзилик адам саўдасына қарсы гүресиў күни мүнәсибети менен Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссия тәрепинен шөлкемлестирилген "Адам саўдасына қарсы гүресиўде глобал қәўип-қәтерлер: жәмийеттиң роли ҳәм халықаралық бирге ислесиў" темасындағы халықаралық конференция жоқары баҳаланды.

    Сөйлесиў ўақтында сырт елде ўақтынша мийнет етиўди әмелге асырып атырған ўатанласларымыз ҳәм олардың шаңарақларын қоллап-қуўатлаў, адам саўдасына қарсы гүресиўде бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери додаланды.

    Сондай-ақ, Өзбекстан пуқараларын жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм глобал миграция процесслери шеңберинде пуқаралардың мәплерин қорғаўға қаратылған нызамшылықты жетилистириў ҳәм зәрүр илажлар көриў бойынша пикир алысылды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates