"Өзгидромет" агентлигиниң хабар бериўинше, 2-июль күни республиканың арқасында, қубласында ҳәм шөл аймақларында, 3-5-июльде аймақтың үлкен бөлиминде ҳаўа температурасы 40-43 градусқа шекем, қублада ҳәм шөл аймақларында айырым жерлерде 44-46 градусқа шекем көтериледи.
Республика бойынша самалдың тезлиги 13-18 м/с қа шекем, 3-5-июльде айырым жерлерде 20-25 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаңлар менен бақланыўы күтилмекте.









