Сапар етиў даўамында Россия Сыртқы ислер министрлигиниң Южно-Сахалинск қаласындағы ўәкилханасының басшысы Владимир Носов пенен ушырасыў өткерилди.
Сөйлесиў ўақтында тәреплер ҳәр қыйлы бағдарларда әмелий бирге ислесиўди шөлкемлестириў бойынша пикир алысты. Билимлендириў тараўында еки мәмлекет арасындағы конструктивлик байланыслар беккемленип атырғаны, буның нәтийжесинде Россиядағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған өзбекстанлы жаслардың саны артып атырғаны атап өтилди.
Сөйлесиў ўақтында ҳәр қыйлы дәрежедеги болажақ қоспа илажлар, еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиндеги басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде турақлы сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алды.
Дипломатлар, сондай-ақ, Сахалин ўәлаяты инвестициялар, санаат ҳәм сыртқы байланыслар министри Василий Грудев пенен ушырасыў өткерди. Министр регионға келген Бас консулхана хызметкерлерине миннетдаршылық билдирип, Сахалин ўәлаяты ҳәм Өзбекстан аймақлары арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелерин додалаўға таяр екенин атап өтти.
Консулхана ўәкиллери Өзбекстанда саўда-экономикалық тараўда әмелге асырылып атырған реформалар, сондай-ақ, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында мағлыўмат берди.
Россия ўәкилиниң айтыўынша, соңғы жыллары аймақта Өзбекстаннан алып келинген мийўе-овош ҳәм тоқымашылық өнимлери, сондай-ақ, жоқары сапалы ҳәм халықаралық талапларға жуўап беретуғын турмыслық ҳәм электр техникасы үскенелери ғалаба ен жайып бармақта. Соның менен бирге, Өзбекстанның жергиликли халық арасында тартымлы туристлик бағдар сыпатында белгилиги дәрежеде артып атырғаны атап өтилди.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Россияның Сахалин ўәлаяты арасында саўда-экономикалық, туризм ҳәм гуманитарлық байланысларды биргеликте раўажландырыў бойынша келисимге ерисилди, деп хабар береди "Дунё" ХА.