Өзбекстан "Ҳүкиметтиң жасалма интеллектке таярлық индекси" рейтингинде Орайлық Азияда 1-орында

    22 желтоқсан 2024 1325

    “Oxford Insights” шөлкеми жәриялаған "Ҳүкиметтиң жасалма интеллектке таярлық индекси" рейтингин жәриялады.

    Онда Өзбекстан 53,45 балл менен 70-орынды ийелеп, 17 басқышқа көтерилди. Орайлық Азия мәмлекетлери арасында болса 1-орынды қолға киргизди.

    Бул рейтинг ҳүкиметтиң жасалма интеллект технологияларын енгизиўге таярлығын баҳалайды ҳәм 40 индикатор тийкарында дүзиледи.

    Мәмлекеттиң бул жетискенликлери ҳүкимет тәрепинен тастыйықланған "Жасалма интеллект технологияларын 2030-жылға шекем раўажландырыў стратегиясы" ҳәм бул тараўдағы избе-из реформалардың нәтийжеси екени атап өтилди.

    Рейтингте Өзбекстан Қубла ҳәм Орайлық Азия регионында Ҳиндстан ҳәм Түркиядан кейин 3-орынды ийеледи.