Өзбекстан Жәҳән банкинен $150 млн қарыз алмақта

    25 маусым 2025 749

    Мағлыўматларға бола, бул арқалы Өзбекстанда киши гидроэнергетика жәрдеминде электр энергиясын ислеп шығарыў көбейтиледи.

    Атап өтилиўинше, Жәҳән банки Өзбекстанға киши гидроэнергетика тараўын раўажландырыў ҳәм пүткил мәмлекет бойлап электр тәмийнатының исенимлилигин арттырыўға қаратылған жаңа жойбарды әмелге асырыў ушын 150 миллион доллар муғдарында жеңиллетилген кредит ажыратыўды мақуллады. Жойбар жеке меншик сектор, соның ишинде, жергиликли киши гидроэлектр станциялары (КГЭС) дөретиўшилери ҳәм банклердиң қатнасыўында әмелге асырылады.

    Өзбекстан ҳүкимети 3 мыңға шамалас КГЭС қурылысына инвестиция киргизиўди ҳәм 2026-жылға шекем олардың орнатылған қуўатлылығын 160 МВт ға жеткериўди режелестирмекте. Бул 280 мың адамды қосымша электр энергиясы менен тәмийинлеў имканиятын береди. "Жәҳән банки тәрепинен қаржыландырылып атырған ҳәм Өзбекстан Энергетика министрлиги тәрепинен 2025-2030-жылларда әмелге асырылатуғын жаңа жойбар усы мақсетке ерисиўге жәрдем береди.

    Жойбар 2030-жылға барып улыўма орнатылған қуўатлылығы 150 МВтқа шекем болған КГЭС қурылысын қаржыландырыў имканиятын береди. Оларда жылына 520 гигаватт-сааттан аслам экологиялық таза электр энергиясы ислеп шығарылыўы күтилмекте. Буннан тысқары, жойбар карбонат ангидрид шығындыларын жылына 430 мың тоннаға шекем қысқартыўға жәрдем береди.

    Ҳәзирги күнде жойбар шеңберинде мәмлекеттиң ҳәр қыйлы аймақларындағы бар суўғарыў каналларында КГЭС қурыў ушын 270 ке шамалас қолайлы майданлар алдыннан анықланған. Олардың көпшилиги (93%) 100 ден 1000 кВт ға шекем қуўатлылық имканиятына ийе.

    Жойбар шеңберинде қаржыландырылатуғын КГЭСлерде ислеп шығарылатуғын электр энергиясы "Аймақлық электр тармақлары" АЖ тәрепинен сатып алынады. Ол қайта тикленетуғын энергияның исенимли дәрегине айланады, энергия балансын диверсификациялаў имканиятын береди, энергия менен аз тәмийинленген аймақлар ҳәм аўыллық жерлерде үй хожалықлары ҳәм жеке меншик сектордың электр тәмийнатын жақсылайды.