Өзбекстан сайланды командасы ЖЧ-2026 сайлап алыў басқышы шеңберинде 20-март күни Ташкентте Қырғыз Республикасы сайланды командасын қабыллайды.
Сондай-ақ, 25-мартта болса Иранға қарсы сапарда ойын өткереди.
Бас тренер Тимур Кападзе тәрепинен жыйынға шақырылған футболшылар дизиминен легионерлерден Абдуқодир Ҳусанов, Элдор Шомуродов, Аббосбек Файзуллаев ҳәм жақында жарақаты жазылып ойынға қайтқан Остон Урунов ҳәм Жалолиддин Машарипов та орын алған.