Championat.asia сайтының мағлыўматына бола, футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасы ноябрь айында Уругвай сайланды командасына қарсы еки дослық ушырасыўын өткереди.
1930 ҳәм 1950-жылғы Жәҳән чемпионы есапланған Уругвайға қарсы ойынлардан бири Ташкентте болып өтиўи режелестирилмекте. Екинши ойын болса Азия континентинде болып өтеди.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан буннан алдын еки мәрте Уругвайға қарсы дослық ойынын өткерген ҳәм бирдей 0:3 есабында жеңилген. Биринши тарийхый беллесиў 2018-жылы Монтевидеода болып өткен болса, екинши ойын 2019-жылы Қытай мәмлекетинде жүз берген.









