Статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-май айларында мәмлекетке 18387 жеңил автомобиль алып келинген болып, олардан 9789 ын электромобиллер қурайды.
Усы дәўирде Өзбекстанға автомобиль жеткерип бериў бойынша жетекши мәмлекетлер төмендегилер болды:
Қытай - 15873 дана;
Корея Республикасы - 1882 дана;
Ҳиндстан - 168 дана;
Япония - 122 дана;
АҚШ - 82 дана;
басқа мәмлекетлер - 260 дана.
Сондай-ақ, 2025-жылдың өткен бес айы даўамында Өзбекстанда жәми 153 814 дана ҳәр қыйлы маркадағы жеңил автомобиллер (арнаўлы жеңил автомобиллерден тысқары) ислеп шығарылған.









