баннер
17 Mar 2025
00:40

    Өзбекстан Президенти Россия делегациясын қабыллады

    Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-февраль күни Россия Федерациясы Президенти Администрациясы басшысының орынбасары Максим Орешкин басшылығындағы делегацияны қабыллады.

    Ушырасыў алдынан Максим Орешкин мәмлекетимиз басшысына Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

    Өткен жылы май айында Өзбекстанға әмелге асырылған мәмлекетлик сапары ҳәм басқа да жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер даўамында ерисилген келисимлерди тастыйықланған "жол картасы"на муўапық әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

    Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң раўажланыў пәтин сақлап қалыў, санаат кооперациясы ҳәм электрон коммерция жойбарларын қоллап-қуўатлаў, суў хожалығы, жоқары билимлендириў ҳәм инженер кадрлар таярлаў, жасалма интеллект, мәдений алмасыў ҳәм спорт тараўларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша комплексли илажлар көриўге айрықша итибар қаратылды.

    Телеграм каналымыз
    Text to speech