Бүгин, 14-январь күни мәмлекетимиз басшысы "Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги" халықаралық саммитиниң ашылыў мәресиминде ҳәм турақлы раўажланыў тараўында Шайх Зоид атындағы сыйлықты тапсырыў мәресиминде қатнасты.
Илажда Әмирликлер Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаён, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим, Нигерия Президенти Бола Тинубу, Руанда Президенти Пол Кагаме, Сейшел атаўлары Президенти Уовел Рамкалаван, Уганда Президенти Ёвери Мусевени ҳәм басқа да сырт мәмлекет ҳәм ҳүкиметлердиң басшылары да қатнасты.
Жоқары мәртебели мийманларды БАӘ басшысы күтип алғаннан соң, биргеликте сүўретке түсирилди.
Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги - бул 2008-жылы БАӘ ҳүкимети ҳәм "Masdar" компаниясы тәрепинен турақлы раўажланыў тараўындағы глобал машқалаларды шешиў ушын шөлкемлестирилген халықаралық платформа. Форумның мақсети дүньяда турақлы раўажланыўды жеделлестириў, экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық раўажланыўға жәрдемлесиў, азық-аўқат ҳәм суў қәўипсизлигин тәмийинлеў, энергия үнемлеў ҳәм карбонызланыўды алға қойыўдан ибарат.
Бул ретки саммит күн тәртибине "жасыл" экономика тараўында турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, инновациялар ҳәм жаңа технологияларды енгизиў, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери киргизилген.
Форум шеңберинде Әмирликлер тийкарын салыўшысы - марҳум Шайх Зайд Ол Наҳаён атындағы турақлы раўажланыў тараўындағы жетискенликлер ушын сыйлықлаў мәресими де өткериледи. Бул ретки сыйлықтың "Глобал орта мектеплер" номинациясында Ташкент қаласындағы Президент мектеби жеңимпаз деп табылды.
Сыйлықты Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён тапсырды.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев мектеп ўәкиллери менен ушырасып, оларды жеңис пенен қызғын қутлықлады.